Жалпы мәжилис күн тәртибиниң жойбарына мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм нызамшылықты жетилистириўге қаратылған бир қатар әҳмийетли мәселелер киргизилген.
Атап айтқанда, жалпы мәжилисте "Сафарбарлық таярлығы ҳәм мобилизациясы ҳаққында"ғы, "Өзбекстан ҳүрмети" орденин шөлкемлестириў ҳаққында"ғы нызамлар додаланады.
Сондай-ақ, исбилерменлик субъектлерин буннан былай да қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға айырым салық жеңилликлерин бериў, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды хошаметлеў, олар ушын айрықша салық режимин енгизиў ҳәм мийнет етиўин тәртипке салыўға байланыслы нызамларды көрип шығыў режелестирилген.
Буннан тысқары, судлаўдың барлық басқышларында тартысыў принципин тәмийинлеў ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыўда адвокаттың ролин арттырыў, прекурсорлар айланысы қағыйдаларын бузғаны ушын жуўапкершиликти белгилеў, қурылысы жуўмақланбаған көп қабатлы турақ жайларда нызамсыз жасаўдың алдын алыў, бажыхана тараўындағы ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў механизмлерин жетилистириўге қаратылған нызамлар додаланады.
Күн тәртибиниң жойбарына мәмлекетлик сырларды қорғаў жумысының ҳуқықый тийкарларын, жер нызамшылығын, медицина ҳәм фармацевтика жумысын, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўди жетилистириўге қаратылған нызамлар да киргизилген.
Сенаторлар, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының прокуратура уйымларының жумысы ҳаққындағы есабатын тыңлайды.
Жалпы мәжилисте елимиздеги тәбийғый, техноген ҳәм экологиялық түрдеги айрықша жағдайлар мониторинги жағдайы бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери де көрип шығылыўы режелестирилген.