Экономика ҳәм қаржы министрлигинен мәлим етиўинше, қаржылар "Ишонч - 2030" (Uzbekistan Vision 2030 Fund) траст фонды арқалы қайтарылады ҳәм халықтың социаллық абаданлығын арттырыў ҳәм инсан капиталын раўажландырыўға қаратылады.
Ресурсларды бөлистириў стратегиясының екинши басқышына Өзбекстан экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары Отабек Фозилкаримов, Швейцарияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Симоне Гигер ҳәм БМШтың Өзбекстандағы турақлы муўапықластырыўшысы Сабине Махл қол қойды.
"Ишонч" қоры Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Өзбекстан, Швейцария ҳәм БМШ бирге ислесиўи шеңберинде шөлкемлестирилген. Оның тийкарғы ўазыйпасы - Швейцарияда конфискация етилген активлерди Өзбекстан халқының мәплери жолында қайтарыў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў.
Қордың қаржылары Өзбекстан ҳүкимети менен биргеликте БМШ ҳәм Жәҳән банки қатнасыўында бағдарламаларды әмелге асырыўға қаратылмақта. Онда ашық-айдынлық, есап бериў, жойбарларды таңлап алыў, әмелге асырыў ҳәм нәтийжелерин мониторинг етиўде жәмийечиликтиң қатнасыўына айрықша итибар қаратылмақта.
Ресурсларды бөлистириў стратегиясының биринши басқышы шеңберинде денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўларын раўажландырыўға 87 миллион доллар қаратылды. Қаржылардан аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў, перинатал жәрдемди жетилистириў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, педагоглардың санлы көнликпелерин раўажландырыў ҳәм тийисли системалардың потенциалын беккемлеў бойынша илажларды әмелге асырыўда пайдаланылған.
Екинши басқышта 252,5 миллион долларлық қайтарылған активлерди еки тийкарғы бағдар бойынша бөлистириў механизми нәзерде тутылған:
Денсаўлықты сақлаў. Балалар ҳәм жас өспиримлерге медициналық жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў, кеселликлердиң алдын алыў ҳәм ерте анықлаў, айырым онкологиялық кеселликлерди емлеў имканиятларын кеңейтиў, сондай-ақ, медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў.
Билимлендириў. Мектеп инфраструктурасын раўажландырыў, соның ишинде, жаңа мектеплердиң қурылысын қоллап-қуўатлаў, билимлендириў процесине санлы технологияларды енгизиў, педагоглардың маманлығын арттырыў ҳәм сапалы билим алыў имканиятларын кеңейтиў.
Аўыллық жерлерде шараятларды жақсылаў, халықтың ең жәрдемге мүтәж қатламлары ушын социаллық хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылады.
Сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў, қаржылардан мақсетли пайдаланыў, жойбарлардың нәтийжелилигин баҳалаў ҳәм еркин мониторинг етиўге пуқаралық жәмийети ўәкиллерин тартыў қор жумысының тийкарғы принциплери етип белгиленген.
Гезектеги келисимниң тастыйықланыўы Өзбекстан ҳәм Швейцария арасындағы нызамсыз шығарылған активлерди қайтарыў ҳәм олардан мәмлекет халқының мәплери жолында пайдаланыў бойынша бирге ислесиўдиң гезектеги басқышы болды.