Өзбекстан ҳәм Иордания Ҳошимийлер Патшалығы арасындағы қатнасықлар тарийхый жақтан өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм уқсас тарийхый-руўхый қәдириятларға тийкарланған.

Иорданияның ҳәзирги Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайн усы мәмлекетти 1921-жылдан баслап басқарып киятырған ҳошимийлер династиясының ўәкили болып, Муҳаммед пайғамбардың 41-әўлады есапланады.

1991-жыл 28-декабрьде Иордания Өзбекстан ғәрезсизлигин тән алды ҳәм 1993-жыл 15-февральда мәмлекетлер ортасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылды.

Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң шәртнамалық-ҳуқықый тийкарлары қәлиплестирилди. Атап айтқанда, 1996-жылы саўда-экономикалық бирге ислесиў ҳәм ҳаўа қатнаўы ҳаққында, 2002-жылы мәденият тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисимлерге қол қойылды.

Соңғы он жылда Өзбекстан - Иордания қатнасықлары жаңа мазмун ҳәм әмелий бағдарлар менен байыды. 2023-жылы дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы мүнәсибети менен мәмлекет басшылары бир-бирин қутлықлады. Бул еки тәреплеме байланыслар избе-из раўажланып атырғанының айқын дәлийли болды.

2025-жыл Өзбекстан - Иордания қатнасықлары тарийхында әҳмийетли бурылыс дәўири болды. Өткен жылы 25-26-август күнлери Иордания Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайн мәмлекетлик сапар менен елимизде болды.

Самарқандта болып өткен сөйлесиўлер жуўмағында еки мәмлекет жетекшилериниң Шериклик қатнасықларын беккемлеў ҳаққындағы биргеликтеги билдириўи қабыл етилди ҳәм 15 еки тәреплеме ҳүжжетке қол қойылды. Атап айтқанда, экстрадиция, инвестицияларды өз-ара хошаметлеў ҳәм қорғаў, Биргеликтеги комиссияны шөлкемлестириў, виза талапларын бийкарлаў, жоқары билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлер, туризм тараўларында бирге ислесиў сыяқлы мәселелер бойынша келисимлер.

Иордания Патшасының мәмлекетлик сапары шеңберинде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Иордания "Ан-Наҳда" ("Ренессанс") ордени менен сыйлықланды.

Мәмлекет басшыларының жоқары дәрежедеги ушырасыўлары, ири еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылыўы Өзбекстан ушын да, Иордания ушын да пайдалы. Биргеликтеги билдириўлерде белгиленген ўазыйпалар шеңберинде ҳәр қыйлы экономикалық ҳәм сиясий ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте, мақсетли жойбарлар биргеликте әмелге асырылмақта.

Кейинги жылларда еки мәмлекет арасындағы экономикалық бирге ислесиўди әмелий мазмун менен байытыўға айрықша итибар қаратылмақта. 2025-жыл сентябрь айында Амман қаласында Өзбекстан тоқымашылық компанияларының қатнасыўында бизнес-форум шөлкемлестирилди. Онда еки мәмлекет исбилермен топарлары арасында саўда байланысларын кеңейтиў, жаңа бизнес жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды. 2025-жыл 29-30-сентябрь күнлери Иорданияның “Dar Al-Dawa Development & Investment” фармацевтика компаниясы делегациясы Өзбекстанда болып, мәмлекетимизде дәри-дәрмақ қуралларын ислеп шығарыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша сөйлесиўлер өткерди.

Саўда көрсеткишлери еки тәреплеме экономикалық байланысларды буннан былай да жеделлестириў зәрүрлигин көрсетпекте. 2025-жылы өз-ара товар алмасыў көлеми 8,5 миллион долларды (экспорт - 5,4 миллион, импорт - 3,1 миллион) қурады. Өзбекстан экспортының тийкарғы бөлегин азық-аўқат өнимлери, импорттың үлкен үлесин болса химия өнимлери қурайды.

Бар имканиятлардан келип шығып, фармацевтика, тоқымашылық, аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў экономикалық бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары сыпатында баҳаланбақта.

Еки мәмлекет арасындағы көп қырлы сөйлесиў де избе-из раўажланбақта. 2026-жыл 4-февраль күни мәмлекетимиз Иордания Сенатының баслығы Файсал Акиф Мискал ал-Файез басшылығындағы делегацияны, 6-июль күни болса усы мәмлекет Бас министриниң орынбасары, сыртқы ислер ҳәм экспатриантлар ислери бойынша министри Айман Ҳусайн Сафадий басшылығындағы делегацияны қабыллады. Мәмлекетимиз басшысы жоқары мәртебели мийманларды қабыл етти, ушырасыўларда Өзбекстан ҳәм Иордания арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Бул қатнасықлардың әҳмийетли бөлеги мәдений-гуманитарлық шериклик болып есапланады. Еки мәмлекет халықларын уқсас ислам қәдириятлары, бай тарийхый мийрас, уллы ойшыллардың өмири ҳәм жумысы байланыстырып турады.

1996 ҳәм 2000-жыллары Иордания тәрепи Самарқанд қаласындағы Шоҳи Зинда комплексинде жайласқан Қусам ибн Аббас мавзолейин оңлаў ушын қаржылай жәрдем көрсетти. Бул еки халықтың тарийхый ҳәм руўхый жақынлығының әмелий көриниси болып есапланады.

Мәмлекетлер арасында мәдений ҳәм диний-ағартыўшылық бирге ислесиў де жеделлеспекте. 2025-жыл ноябрь айында Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы басшылығындағы мәмлекетимиз делегациясы Иорданияға барып, Фатво орайы, Ўақфлар, ислам ислери ҳәм зыярат етиў орынлары министрлиги, Иордания халықаралық ислам университети басшылары менен ушырасыўлар өткерди. Сапар шеңберинде Биргеликтеги илимий комитет дүзилди. Бул диний-ағартыўшылық ҳәм илимий тараўлардағы бирге ислесиўди системалы раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болды.

Билимлендириў тараўында да жаңа имканиятлар ашылмақта. 2025-жыл август айында жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў тараўларында бирге ислесиў ҳаққында келисимге қол қойылған. 2025-жыл октябрь айында Иордания делегациясы ЮНЕСКО Бас конференциясының Самарқандта болып өткен 43-сессиясында қатнасты.

Туризм тараўындағы байланысларды раўажландырыў мақсетинде 2025-жыл ноябрь айында 2026-2027-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды. Усы жылдың 30-июнь күнинен баслап “Royal Jordanian Airlines” авиакомпаниясы тәрепинен Оман ҳәм Ташкент арасында турақлы авиақатнаўлардың жолға қойылғаны еки мәмлекет арасындағы туризм, бизнес ҳәм гуманитарлық байланысларды раўажландырыў ушын қосымша имканиятлар жаратты.

Парламентлераралық байланыслар да еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли бағдарына айланып бармақта. 2025-жыл апрель айында Иордания парламенти делегациясы Ташкентте болып өткен Парламентлераралық аўқамның 150-Ассамблеясында қатнасты. 2026-жыл январь айында Олий Мажлис Сенатында Иордания парламентиниң жоқары палатасы менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топар дүзилди.

Өзбекстан ҳәм Иордания қатнасықларында тарийхый-мәдений жақынлық айрықша орын ийелейди. Иорданияда Самарқанд, Имам ал-Бухарий көшелери, Имам ат-Термизий мешити, Ал-Бухария базары, Ибн Сино атындағы Медицина илимлери университетиниң бар екенлиги өзбек халқының бай тарийхый ҳәм илимий мийрасына болған ҳүрметтен дәрек береди. Амман қаласындағы "Ал-Бухария" базары Бухарадан келген саўдагерлер тарийхы менен байланыслы болып, еки халық арасында әсирлер даўамында қәлиплескен саўда ҳәм мәдений байланыслардың рәмзий көриниси болып есапланады.

Өзбекстан - Иордания қатнасықлары дәстүрий дослық ҳәм өз-ара ҳүрмет принциплерине сүйенген ҳалда жаңа басқышқа көтерилмекте. Мәмлекет басшылары дәрежесинде ерисилген келисимлер, жеделлескен сиясий сөйлесиў, жаңа шәртнамалық механизмлер, парламентлераралық байланыслар, мәдений-гуманитарлық басламалар еллеримиз арасындағы шериклик көп қырлы болып атырғанынан дәрек береди.

Келешекте де товар алмасыўды көбейтиў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, фармацевтика ҳәм аўыл хожалығында қоспа өндиристи жолға қойыў, билимлендириў ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиўди тереңлестириў еки тәреплеме қатнасықлардың тийкарғы бағдарлары болып қалады.

Өзбекстан ҳәм Иордания арасында раўажланып атырған бирге ислесиў тек ғана еки мәмлекеттиң мәплерине емес, ал Орайлық Азия ҳәм Жақын Шығыс регионлары арасындағы сиясий, экономикалық ҳәм мәдений байланысларды беккемлеўге хызмет ететуғынына гүман жоқ.

"Дунё" МА.