Миграция агентлигиниң мағлыўматларына бола, соңғы үш жылда 14 мыңнан аслам Өзбекстан пуқарасы Уллы Британияға мәўсимлик жумысларға жиберилген. Келеси мәўсим алдынан британиялы операторлардың Өзбекстанға келип, талабанларды таңлап алыўы режелестирилген.

“FWA” ўәкиллери мәўсимлик жумысшыларды тартыўшы операторлар тәрепинен лицензия талапларына әмел етилиўин қадағалаў механизмлери, пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыў тәртиби ҳаққында мағлыўмат берди. Өз гезегинде, Өзбекстан тәрепи талапкерлер ушын Уллы Британияның мийнет нызамшылығы, мийнет шәртнамалары, жумыс ҳәм жасаў шәртлерин түсиндирип, жолға шығыў алдынан таярлық өткериўди шөлкемлестириўди усыныс етти. Ушырасыў қатнасыўшылары мийнет ҳуқықлары бузылыўының алдын алыўда тараў қәнигелери арасында әмелий мағлыўматлар алмасыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, Өзбекстан тәрепи пуқараларды сырт елде жумыс пенен тәмийинлеўде лицензияланған жеке меншик бәнтлик агентликлериниң қатнасыўын басқышпа-басқыш кеңейтиў режелерин усынды. “FWA” ўәкиллериниң атап өтиўинше, мәмлекетлер ҳәм мәўсимлик жумысшыларды жаллаў тәртиби ҳаққындағы қарарлар операторлардың өзлери тәрепинен қабыл етиледи, усыныс етилген өз-ара бирге ислесиў механизми болса қосымша үйрениўди талап етеди.

Буннан тысқары, тәреплер бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумның жаңаланған жойбарын көрип шықты ҳәм оны қол қойыўға таярлық көриў мәселелерин додалады.

Жоқары оқыў орынларының питкериўшилери, инглис тилин билетуғын инженерлер ҳәм басқа да маман қәнигелерди Британия компанияларына жумысқа жайластырыў перспективаларына айрықша итибар қаратылды. Уллы Британия тәрепи бул усынысты тийисли уйымларға жеткериў ҳәм кейинги мәсләҳәтлесиўлерди муўапықластырыўға жәрдемлесиўге таяр екенин билдирди.