Қолланбада банклерди нақ пуллар менен тәмийинлеў, халық ҳәм исбилерменлерге нақ пулларды бериў, банкнот ҳәм теңгелерди айланысқа шығарыў, нақ пулларды банклер арасында бөлистириў тәртиби белгилеп берилген.

Көрсетпеге муўапық:

нақ пуллардың банклер арасында бөлистирилиўи электрон түрде шөлкемлестириледи;

"Нақ пул электрон майданшасы" бағдарламалық комплекси арқалы артықша нақ пулға ийе болған банклер басқа банклерге қаржы усынады, нақ пулға мүтәжлиги болған банклер болса электрон арза жибереди;

нақ пуллар банклер арасында инкассация хызмети арқалы жеткерип бериледи;

нақ пулға болған мүтәжлик алдыннан режелестириледи;

банклер нақ пуллардың кирип келиўи ҳәм жумсалыўы бойынша ҳәр айда прогноз таярлайды ҳәм бул прогнозды ай басланыўынан кеминде 3 банк жумыс күни алдын электрон түрде усынады.

Сондай-ақ, ҳүжжет пенен банкнотлар ҳәм теңгелерге қойылатуғын талаплар белгиленген.

Айланысқа шығарылатуғын ақша белгилери төмендегилерди өз ишине алыўы керек:

пуллардың санлар менен көрсетилген номинал баҳасы;

пул белгилерин бир-биринен аңсат ажыратыў имканиятын беретуғын өлшемлери ҳәм реңлери;

Орайлық банктиң атамасы;

пул белгисиниң дизайны ҳәм үлгиси тастыйықланған жыл;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик герби ямаса Мәмлекетлик байрағының көриниси;

жасалма ислеўден қорғаўшы элементлер.