Ушырасыўда Өзбекстанда суд ҳәкимияты ғәрезсизлигин беккемлеў, әдил
судлаўдың нәтийжелилигин арттырыў, пуқаралар ҳәм бизнестиң ҳуқықлары менен
нызамлы мәплерин қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар
додаланды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Дуглас Арнер
Ташкент халықаралық финанс орайын шөлкемлестириў басламасы да әҳмийетли екенин
атап өтти. Оның атап өтиўинше, инглис ҳәм уэлс улыўма ҳуқықы (Common Law) принциплерин
қолланыў сырт ел инвесторларының исенимин арттырыў, коммерциялық
келиспеўшиликлерди шешиўдиң ашық-айдын механизмлерин жаратыў ҳәм орайдың
бәсекиге шыдамлылығын беккемлеўге хызмет етиўи мүмкин.
Ушырасыў
жуўмағында судьялардың маманлығын арттырыў, санластырыўды кеңейтиў ҳәм ҳуқықый
институтларды беккемлеў бағдарында тәжирийбе алмасыўға келисип алынды.