Мағлыўмат ушын: ҳәзирги ўақытта 6 жасар балалардың 78 проценти (726 921 бала) мектепке таярлаў менен қамтып алынған. Олардың 489 мың 172 си (66,2 проценти) бақшаларға, 19 мың 910 ы (2,7 проценти) қысқа мүддетли топарларға, 2 мың 836 ы (0,4 проценти) мобиль топарларға, 215 мың 3003 и (29,1 проценти) мектеплерде (бос классларда) билим алмақта.
Таярлаў топарларында сабақларды жоқары мағлыўматлы педагог-тәрбияшылар ямаса жоқары оқыў орынларының "Мектепке шекемги билимлендириў" бағдарында оқып атырған питкериўши курс студентлери алып барады.