Илажлар шеңберинде болып өткен ҒМДА ПА Кеңесиниң мәжилисинде парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, Дослық Аўқамы шеңберинде көп тәреплеме сөйлесиўди раўажландырыў ҳәм Ассамблеяның кейинги жумысына байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланды.
Мәжилистиң әҳмийетли ўақыяларынан бири ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясы Кеңесиниң Баслығының сайланыўы болды. Ассамблеяның усынысы бойынша бул процесс Олий Мажлис Сенаты Баслығының басшылығында өтти.
Даўыс бериў нәтийжелери бойынша Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенко гезектеги бир жыллық мүддетке ПА Кеңесиниң Баслығы етип сайланды.
Мәжилисте парламентлераралық бирге ислесиўдиң институционаллық тийкарларын кеңейтиўге қаратылған әҳмийетли қарар да қабыл етилгенин атап өтиў керек. Атап айтқанда, Түркменстан Мәжилисине ҒМДА Парламентлераралық бирге ислесиў агентлигинде бақлаўшы статусы берилди. Демек, бул усындай статусқа ийе биринши миллий парламент болып есапланады.
Ассамблея шөлкемлестирилгениниң 35 жыллығына бағышланған илажлар бағдарламасы ҳәм 2027-жылға мөлшерленген жумыс режеси тастыйықланды. Келеси жылы XII Нева халықаралық экологиялық конгресси, V Евроазия ҳаял-қызлар форумы, терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў мәселелери бойынша халықаралық конференция ҳәм басқа да бир қатар абырайлы илажларды өткериў режелестирилген.
Балалардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, жас әўлад арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери де дыққат орайында болды. "Дослық Аўқамы балалары" XI халықаралық форумының жуўмақлары шығарылды ҳәм гезектеги форумды 2027-жылы Қазақстанда өткериў ҳаққында қарар қабыл етилди.