Орайлық Азия ҳәм Африка мәмлекетлеринен келген 109 мүрәжаттан 44 и дәслепки таңлаўдан өтип, 20 ы дәслепки дизимге киргизилди ҳәм Өзбекстан жойбары Қазақстан, Мозамбик, Кения ҳәм Алжир жойбарлары қатарында биринши таңланған бес басламаның қатарынан орын алды.
Өзбекстан "Исфара дәрьясының гидротехникалық коридорын климатқа шыдамлы қорғаў ушын тәбиятқа бағдарланған шешимлерди ислеп шығыў" жойбары менен таныстырылған болып, онда ирригация инфраструктурасының сел, жағалықлардың жемирилиўи, каналлардың ылайланыўы ҳәм басқа да климат қәўип-қәтерлерине шыдамлылығын арттырыў нәзерде тутылған.
Жойбардың әҳмийетли екенлигин 2026-жыл 1-майдағы сел ақыўының ақыбетлери тастыйықлайды, сол ўақытта сел ағысының сарпы 100 м3/с ға жеткен, бул дәрьядағы орташа суў сарпынан дерлик жети есеге көп еди. Тәбийғый апатшылық ирригация имаратларының бузылыўына, каналлар ҳәм жоллардың айырым бөлимлериниң ўайран болыўына, суў хожалығы объектлериниң ылайланыўына, аўыл хожалығы жерлериниң зыянланыўына алып келди.
Жойбар шеңберинде тәбиятқа бағдарланған қорғаў илажлары комплексин ислеп шығыў, соның ишинде, жағалық бойындағы тоғайзарлықларды тиклеў, қорғаўшы өсимликлер полосасын жаратыў, жағалықларды биоинженерлик жақтан беккемлеў, суў жыйнаўдың жоқарғы бөлиминдеги деградацияға ушыраған жайлаўларды тиклеў нәзерде тутылған.
Жойбар мақсетли көрсеткишлерине бола, усыныс етилген шешимлерди әмелиятқа енгизиў:
суўғарыў системасына майда шөгиндилердиң келиўин 20-40 процентке қысқартыў;
каналларды шөгиндилерден механикалық тазалаў дәўирлилигин 20-35% ке азайтыў;
жағалықлардың бузылыўы, авариялық оңлаў жумыслары ҳәм ирригациядағы үзилислерди 30-50 процентке азайтыў;
дәрья ҳәм каналлардың 15-40 мың суўдан пайдаланыўшыға хызмет көрсететуғын 3-8 км тийкарғы участкаларының турақласыўын тәмийинлесин.
Жойбарлаў басқышының тийкарғы нәтийжелеринен бири жойбарлаў шешимлери, баҳасының есап-санақлары, экологиялық ҳәм социаллық кепилликлер, сондай-ақ, инфраструктурадан буннан былай да пайдаланыў механизмлерин өз ишине алған техникалық-экономикалық жақтан тийкарланған инвестициялық ҳүжжетлер топламын таярлаўдан ибарат болады.
Жойбардың таңлап алыныўы кейин ала оны сынақ тәризинде әмелге асырыў ушын 500 мың - 1 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржыландырыўды тартыў, сондай-ақ, халықаралық финанс институтларының қатнасыўында ири климат инвестицияларын тартыў ушын тийкар жаратады.
Жойбар халықаралық консорциум тәрепинен “SWS Consulting Engineering” ҳәм “IRIDRA” шөлкемлери, Өзбекстанның “Sustainability Nexus Solutions” компаниясы, Халықаралық суў ресурсларын басқарыў институты (IWMI) ҳәм Ботаника бағы - Римдеги Сапиенса университетиниң музейлер тармағы қатнасыўында таярланған.
“NBS-IA” басламасы Италия қоршаған орталық ҳәм энергетика қәўипсизлиги министрлиги тәрепинен БМШтың қоршаған орталық бойынша бағдарламасы (UNEP) ҳәм Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми (ЭБРШ) менен биргеликте әмелге асырылмақта.
Илаж даўамында Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети (Green University) климат резиденциясы бағдарламасының директоры Шаҳбоз Аҳмедов инфраструктура жойбарларына тәбийғый бағдарланған шешимлерди кеңнен енгизиў ушын қәнигелерди профессионал таярлаў ҳәм халықаралық бирге ислесиўдиң әҳмийетин атап өтти.
Өзбекстан ушын ислеп шығылған көзқарасларды мәмлекетимиз ҳәм Орайлық Азияның басқа да суў хожалығы объектлеринде көбейтиў имканияты айрықша әҳмийетке ийе. Бул инфраструктураларды қорғаўдың тийкарынан инженерлик усылларынан техникалық қурылмаларды тәбийғый қурылмаларды тиклеў менен үйлестиретуғын комплексли шешимлерге әсте-ақырын өтиў имканиятын береди.