Жер жүзилик метеорологиялық шөлкеминиң 2026-жылдағы климат жағдайы бойынша жаңаланған есабатына бола, кейинги 12 жылдың барлығы да тарийхтағы ең ыссы 12 бақлаўлар қатарынан орын алған.
Соның менен бирге, кейинги төрт жыл даўамында рейтингте дәслепки төрт орынды ийелеп келмекте.
Жер бетинде 2026-жылдың январь-сентябрь айларында орташа глобал ҳаўа температурасы санаат дәўирине шекемги дәрежеден шама менен 1,47 градусқа жоқары болған.
Соның менен бирге, Жерде энергетикалық дисбаланс артып бармақта. Планета жыллылықты барған сайын тез топлайды. Оның артып кетиўи қуяштан кирип киятырған энергия ҳәм шығып атырған ыссылық арасындағы тең салмақлылықты бузатуғын парник газлериниң рекорд концентрациясы менен байланыслы.
Бунда артықша жыллылықтың дерлик 90 проценти Дүнья океаны тәрепинен жутылады.
Мағлыўматларға қарағанда, 2026-жыл океандағы ыссылық муғдары рекорд дәрежеде жоқары болған избе-из оныншы жыл болыўы мүмкин.
Бундай шараятта үзликсиз климат бақлаўлары ҳәм прогнозлары жәмийет ҳәм экономика ушын артып баратырған қәўип-қәтерлерди өз ўақтында баҳалаўда айрықша әҳмийетке ийе, деп жазады “Kazinform”.
Алдынрақ 2026-жылдың октябрь айы рекорд дәрежеде жыллы болып, жер жүзиндеги орташа температура 15,35 градусқа жеткени, бул болса санаатқа шекемги дәрежеден 1,75 градусқа жоқары екени ҳаққында хабар берилген еди. Европа климатологларының есап-санақларына бола, 2026-жыл глобал ысыў 1,5 дәрежеден асатуғын екинши жыл болыўы мүмкин.