Хызметтен төмендегилер пайдаланыўы мүмкин:

кеминде 25 жыллық мийнет стажына ийе болған 58 жастан 60 жасқа шекемги ер адамлар;

53 жастан 55 жасқа шекемги, кеминде 20 жыллық мийнет стажына ийе болған ҳаял-қызлар.

Қандай ҳүжжетлер керек?

мийнет шәртнамасын бийкар етиў ҳаққындағы буйрықтың нусқасы;

мийнет стажы ҳаққындағы мағлыўматлар толық санластырылмаған болса, мийнет дәптершесиниң нусқасы.

Процедура қалай өтеди?

1. Арза еки жумыс күни даўамында көрип шығылады.

2. Жумыс излеп атырған шахс сыпатында дизимге алынған пуқара 10 күн ишинде жумысқа орналастырыў бойынша мүнәсип усыныс алыў ушын мийнет пенен бәнтлик бөлимине мүрәжат етиўи керек.

3. Егер мийнет шәртнамасы бийкар етилген күннен баслап үш ай даўамында пуқара оған мүнәсип жумыс таңлай алмаса, ол белгиленген тәртипте жумыссыз деп табылады.

Буннан кейин тийисли усыныс хаты рәсмийлестирилип, пенсия тайынлаў ушын Пенсия қорына электрон түрде жибериледи.

Хызмет бийпул көрсетиледи.

Арзаны мәкемелерге бармастан, мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы онлайн тапсырыў мүмкин.