Жас үлкейгени сайын организмниң талаплары өзгерип барады, соның ушын төмендеги усынысларды есапқа алыў керек.

Өспиримлик дәўири - саламат әдетлердиң қәлиплесиўи. Дурыс аўқатланың, көбирек овощҳәм мийўелер қабыл етиң, суткасына кеминде 8 саат уйықлаң.

20 жастан баслап турақлы физикалық ҳәрекет. Ҳәпте даўамында шынығыўлар ушын кеминде 150 минут ўақыт ажыратың. Пияда жүриў, аяқ ойын, жеңил шынығыўлар да пайдалы.

30 жастан баслап - жүрек ҳәм мий саламатлығы ҳаққында қайғырыў. Тең салмақлы аўқатланыўға әмел етиң, турақлы ҳәрекет етиң, артықша стреске түспеўге ҳәрекет етиң.

40 жастан баслап - профилактикалық тексериўлер. Артериал басым, қандағы қант муғдары ҳәм денсаўлықтың улыўма жағдайын бақлаң.

50 жастан баслап организмдеги өзгерислерге итибар бериў. Менопауза дәўиринде өзин-өзи бақлаў, салмақты нормада сақлаў, керек болса шыпакер менен кеңесиў әҳмийетли.

60 жастан баслап - сүйеклерди беккемлеў ҳәм жүректи саламат сақлаў. Пияда жүриў, жүзиў, қолдан келетуғын физикалық шынығыўлар ҳәрекетшеңликти сақлаўға ҳәм булшық етлерди беккемлеўге жәрдем береди.

70 жастан баслап - қәўипсизлик ҳәм белсендиликти сақлаў. Жығылып кетиў қәўпиниң алдын алыў, физикалық белсендиликти сақлаў, ҳәр күни өз имканиятларын есапқа алған ҳалда шынығыўларды орынлаў зәрүр.

Есте сақлаң: денсаўлықты сақлаў ҳәр қандай жаста да әҳмийетли. Бугиннен оған итибар бериўди баслаң!