Бул сораўларға жуўап табыў мақсетинде ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарлар координаторы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша комитет ҳәм мийнет миграциясын басқарыў бойынша миллий шериклер менен биргеликте Ташкентте семинар шөлкемлестирип, онда мигрант ҳаял-қызлардың реал тәжирийбеси додаланды, оларды экономикалық реинтеграциялаў бойынша тийкарғы машқалалар ҳәм әмелий қәдемлер көрип шығылды.

Миграция жаңа шеклерди ашса да, ҳаял-қызлар көбинесе өзине тән қыйыншылықларға дус келеди - жергиликли мийнет базарына бейимлесиўден баслап, қайтып келгеннен кейин қаржы ресурсларын табыўға шекем.

Қатнасыўшылар жойбар нәтийжелерине, ҳаял-қызлар Ўатанға қайтыўдан алдын ҳәм кейин олар менен ислесетуғын мәмлекетлик ҳәм халықаралық шөлкемлердиң реал тәжирийбесине сүйенди.

- Өзбекстанда мигрантлардың шаңарақларын қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға комплексли жәрдем көрсетиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта. ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарлар координаторы менен биргеликте қайтып келген ҳаял-қызларды экономикалық жақтан қайта тиклеўге қаратылған каскадлы тренинглер бағдарламасын әмелге асырмақтамыз. Оларды талап жоқары болған кәсиплер, IТ-технологиялар ҳәм финанслық саўатлылықты ийелеўге жәрдемлесетуғын тренерлерди оқытамыз,-деди Өзбекстан Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығының биринши орынбасары Умида Абдуллаева.

Семинар мәмлекетлик структуралар ҳәм халықаралық шөлкемлер тәжирийбе алмасыў, әҳмийетли мәселелерди додалаў, мийнет миграциясын басқарыўды жетилистириў ҳәм ҳаял-қызлардың экономикалық реинтеграциясын қоллап-қуўатлаў бойынша әмелий, гендерге бағдарланған қатнасларды белгилеп алыў имканиятына ийе болған майданға айланды.

Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Өзбекстандағы жойбарлары координаторы, елши Антти Карттунен ҳаял-қызлардың имканиятларын кеңейтетуғын қәўипсиз, инклюзив миграция механизмлерин жаратыўда көп тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы ролин атап өтти:

- Мийнет миграциясын нәтийжели ҳәм гендерге бағдарланған ҳалда басқарыў ҳаял-қызлардың үйине исеним менен қайтыўы, сырт елде алған көнликпелерин ҳәм тәжирийбесин қолланыўы, сондай-ақ, Өзбекстанның экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўына толық үлес қосыўы ушын шараятлар жаратыўдан ибарат.

Илаж шеңберинде ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарлар координаторы, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Халықаралық миграция шөлкеми ўәкиллериниң қатнасыўында жоқары дәрежедеги панель додалаўы да болып өтти. Қатнасыўшылар миграция циклиниң барлық басқышларында мигрант ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша институционаллық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм хызметлер сапасын арттырыў мәселелерин додалады.

Семинар ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарлар Координаторының еки жыллық "Ҳаял-қызлар мийнет миграциясын нәтийжели басқарыўға жәрдемлесиў ҳәм қайтып келиўши мигрант ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын экономикалық жақтан кеңейтиў" жойбары шеңберинде шөлкемлестирилмекте. Жойбар миллий бирге ислесиўшилерге миграцияны гендер тийкарында басқарыўды күшейтиў, институционаллық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм ҳаял-қызлардың турақлы экономикалық реинтеграциясы ушын имканиятларды кеңейтиўге жәрдемлеседи. Бул баслама Германия, Норвегия, Түркия ҳәм Корея Республикасы тәрепинен қаржыландырылмақта.