Илажда Өзбекстан нызамшылығы ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятының БМШтың Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясының 12-статьясы талапларына муўапықлығы, атап айтқанда, әмелиятқа уқыпсыз деп табылған ямаса әмелиятқа уқыбы шекленген шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы мәселелер додаланды.
Дөгерек сәўбети Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы, Өзбекстан майыплар ассоциациясы ҳәм БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша жоқары комиссары Басқармасының Орайлық Азия бойынша регионаллық ўәкилханасы менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Онда Олий Мажлис палаталары, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар, майыплығы болған шахслар шөлкемлери, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери, миллий ҳәм халықаралық экспертлер қатнасты.
Илажда тийкарғы итибар БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша жоқары комиссары Басқармасының Орайлық Азия бойынша регионаллық ўәкилханасының басламасы менен өткерилген изертлеў нәтийжелерин таныстырыў ҳәм додалаўға қаратылды.
Бизге белгили, Өзбекстан 2021-жылы БМШтың Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясын ратификация еткен. Соның менен бирге, Конвенцияның "Нызам алдында теңлик" деп аталған 12-статьясына түсиник берген.
Бул статья майыплығы болған шахслардың турмыстың барлық тараўларында басқалар менен теңдей ҳуқық субъекти сыпатында тән алыныўын, ҳуқықый уқыплылыққа ийе болыўын ҳәм өз ҳуқықый уқыплылығын әмелге асырыўда зәрүр жәрдем ҳәм көмектен пайдаланыў имканиятына ийе болыўын кепиллейди.
Изертлеўде усы халықаралық стандартларды миллий нызамшылық ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятына енгизиў имканиятлары, ҳәзирги ҳуқықый ҳәм институционаллық механизмлерди жетилистириў зәрүрлиги, сондай-ақ, бул бағдарда әмелге асырылыўы керек болған реформалар талланған.
Илаждың ашылыўында Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры, академик Акмал Саидов, Өзбекстан майыплар ассоциациясының баслығы Ойбек Исаков ҳәм БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша жоқары комиссары Басқармасының Орайлық Азия бойынша Регионаллық бөлиминиң Өзбекстандағы миллий бағдарламалар координаторы Ильдар Файзуллин шығып сөйледи.
Дөгерек сәўбети шеңберинде миллий нызамшылық ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятының әҳмийетли тәреплери, сондай-ақ, халықаралық стандартлар тийкарында оларды жетилистириў перспективалары бойынша баянатлар тыңланды.
Халықаралық эксперт Янина Арсеньева (Эстония) ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбесин усынып, майыплығы болған шахслардың ҳуқықый қәбилети ҳәм қатнас қәбилетин тәмийинлеў, қарар қабыл етиўде қоллап-қуўатлаў механизмлерин раўажландырыў және миллий нызамшылық ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў бойынша усынысларды алға қойды.
Додалаўлар даўамында майыплығы болған шахслардың еркин қарар қабыл етиў имканиятларын кеңейтиў, олардың ерк-ықрары ҳәм тилеклерин ҳүрмет етиў және зәрүр жағдайларда тийисли жәрдем көрсетиў механизмлерин әмелиятқа енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Дөгерек сәўбети жуўмағында изертлеў нәтийжелери тийкарында ислеп шығылған усынысларды әмелге асырыў, миллий нызамшылық ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириўдиң кейинги басқышлары бойынша пикир алысылды.
Илажда билдирилген усыныслар бул бағдарда миллий нызамшылықты халықаралық стандартларға муўапықластырыў, майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары менен еркинликлерин әмелде тәмийинлеў және олардың жәмийетлик турмыстағы толық қатнасын кеңейтиўге хызмет етеди.
Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы
Миллий орайы баспасөз хызмети.