Илаж "Аўызбиршиликтеги
раўажланыў, улыўма инсан ҳуқықлары: Раўажланыў ҳуқықы ҳаққындағы декларация
қабыл етилгениниң 40 жыллығы ҳәм инсан ҳуқықлары тараўындағы глобал басқарыўдың
жаңа перспективасы" темасына бағышланды.
Форумда тийкарғы итибар
санлы трансформация, климат өзгериўи ҳәм глобал социаллық-экономикалық
машқалалар шараятында раўажланыў ҳуқықын тәмийинлеўге байланыслы заманагөй
көзқарасларды ислеп шығыўға қаратылды.
Илажда Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы
Миллий орайы директорының орынбасары Дилноза Муратова қатнасты.
Форумда дүньяның 100 ден аслам мәмлекетинен
мәмлекетлик уйымлар, илимий-эксперт жәмийетшилиги ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша
миллий институтлардың ўәкиллери, сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм
басқа да халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери - жәми 400 ден аслам қатнасыўшы
қатнасты.
Инсан ҳуқықлары тараўындағы глобал басқарыў форумы
Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңесиниң Баспасөз уйымы ҳәм ҚХР Сыртқы
ислер министрлиги, Инсан ҳуқықларын үйрениў бойынша Қытай жәмийети ҳәм Қытайдың
Инсан ҳуқықларын раўажландырыў қоры тәрепинен шөлкемлестирилди.
Жалпы мәжилисте Миллий орай ўәкили тәрепинен
Өзбекстанда социаллық мәмлекет принциплерине тийкарланған реформаларға, инсан
капиталын раўажландырыўға, билим алыў имканиятларын кеңейтиўге ҳәм халықты
социаллық қорғаўға айрықша итибар қаратылып атырғаны атап өтилди. Сондай-ақ,
Өзбекстанның социаллық мәмлекет принциплерин әмелге асырыў, инсан капиталын
раўажландырыў, инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлендириўди алға қойыў ҳәм
турақлы раўажланыў ушын имканиятларды беккемлеў бағдарындағы тәжирийбеси
таныстырылды.
Форум қатнасыўшылары усы жылдың сентябрь айында болып
өтетуғын Инсан ҳуқықлары бойынша бесинши Самарқанд форумында қатнасыўға мирәт
етилди.
Форум қатнасыўшылары тәрепинен Қытайдың мәмлекетти
модернизациялаў процесинде инсан ҳуқықларын қорғаў тараўындағы сезилерли
жетискенликлери атап өтилди. Инсан ҳуқықларын алға қойыў ҳәм инсанияттың
бирден-бир тәғдири жәмийетшилигин қәлиплестириў ушын халықаралық бирге
ислесиўди беккемлеў әҳмийетли екени атап өтилди.
Форум шеңберинде Қытайдың 2026-2030-жылларға
мөлшерленген Инсан ҳуқықлары бойынша миллий ҳәрекетлер режеси де таныстырылды.
Бағдарлама шеңберинде Форум өз жумысын бес тематикалық
секцияларда даўам еттирди. Онда глобал басқарыў ҳәм инсан ҳуқықлары, жасалма
интеллект дәўиринде раўажланыў ҳуқықын жүзеге шығарыў, модернизациялаў ҳәм
инсанның ҳәр тәреплеме раўажланыўы және халықаралық инсан ҳуқықлары күн
тәртибиндеги басқа да әҳмийетли мәселелер додаланды.
Форум жуўмағында заманагөй технологиялар, климат ҳәм
социаллық-экономикалық тараўларға байланыслы ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлер
шараятында халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў зәрүр
екенлигине және бир мәрте итибар қаратылды. Қатнасыўшылар раўажланыў ҳуқықын
алға қойыў ҳәм инсан ҳуқықлары тараўындағы глобаллық басқарыў системасын
жетилистириў әҳмийетли екенлигин тастыйықлады.
Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан
Республикасы
Миллий орайының баспасөз хызмети.