Бул — “Syntrichia caninervis” түрине тийисли мох болып, оның үлгилери Қытайдың арқа-батысындағы Синьцзян-Уйғыр автоном районындағы Қурбонтүнгит шөлинен топланған. Илимпазлар оны бүгинги күнге шекем ашылған ең шөлге шыдамлы өсимлик түри деп есаплайды.

Лаборатория сынаўлары соны көрсетти, мох клеткаларындағы ығаллықтың 98 процентин жоғалтқаннан кейин де тиклене алады ҳәм -196 ° С суўыққа ҳәм жоқары дозадағы гамма нурланыўына шыдам бере алады.

Мох Қытайдың "Цинчжоу" жүк кемесинде микрогравитация ҳәм космослық нурланыў шараятында сынақтан өткерилди ҳәм шыдамлылығын дәлилледи. Орбитадағы қурыған үлгилер азғана суў берилгенде қайта тикленди, деп хабар берди “Kazinform”.

- Бул пүткил өсимликтиң Жердиң төменги орбитасына алып шығылыўы ҳәм қайта тиклениўи биринши мәрте жүз бермекте, — деди Қытай Илимлер академиясының Синьцзян экология ҳәм география институтының изертлеўшиси Ли Сяошуан.

Илимпазлардың пикиринше, мохтың қайта тиклениў қәбилети терең космослық изертлеўлер ушын жаңа жолларды ашады. Оның генетикалық материалы болса келешекте қурғақшылыққа шыдамлы егинлерди жетистириўге ҳәм шөллениўдиң алдын алыўға жәрдем бериўи мүмкин.