12-октябрь күни Грузияның Синандали қаласында Өзбекстан ҳәм Грузия арасындағы экономикалық бирге ислесиў бойынша Ҳүкиметлераралық комиссияның 11-мәжилиси болып өтти. Онда Өзбекстан инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов ҳәм Грузия бас министриниң орынбасары, экономика ҳәм турақлы раўажланыў министри Мариам Квривишвили биргеликте басшылық етти.
Сол күни Грузия бас министри Ираклий Кобахидзе Лазиз Қудратовты да қабыллады. Ушырасыўда Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклери жеткерилди.
Сөйлесиўлерде усы жылы июль айында Өзбекстан Президентиниң Грузияға мәмлекетлик сапарынан соң еки мәмлекет арасындағы қатнасықлар сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди. Стратегиялық шериклик дәрежесине өтиў экономикалық бирге ислесиўди және де раўажландырыў ушын қосымша имканиятлар жаратқаны атап өтилди.
Саўда көлемин арттырыў режелестирилмекте
Мәжилисте өз-ара саўда көлемин көбейтиў тийкарғы мәселелерден бири болды. 2025-жылы еки мәмлекет арасындағы товар алмасыўдың көлеми дерлик 270 миллион долларды қураған.
Тәреплер еркин саўда режими имканиятларынан толық пайдаланыў, жеткерип берилип атырған өнимлердиң түрин кеңейтиў ҳәм ислеп шығарыўшылар ҳәм саўда тармақлары арасында тиккелей байланысларды раўажландырыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Товар алмасыў көлемин 1 миллиард долларға жеткериў мақсетинде анық товар позициялары, мақсетли көрсеткишлер ҳәм әмелге асырыў мүддетлерин қамтып алған биргеликтеги илажлар бағдарламасын ислеп шығыўға келисип алынды. Жумысшы топар бағдарламаның таярланыўы ҳәм нәтийжелерин турақлы түрде баҳалап барады.
Сондай-ақ, өз-ара санаат көргизбелери ҳәм бизнес-миссияларды шөлкемлестириў арқалы еки мәмлекет өнимлерин жаңа базарларға алып шығыў мәселелери көрип шығылды.
Санаат кооперациясы кеңейтиледи
Ушырасыўда санаат, қурылыс, аўыл хожалығы, энергетика ҳәм қаржы тараўларындағы биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў процеси де додаланды.
Бүгинги күнде Өзбекстанда Грузия капиталының қатнасыўындағы 116 кәрхана, Грузияда болса Өзбекстан капиталының қатнасыўындағы 144 компания жумыс алып бармақта.
Тәреплер Өзбекстанның санаат потенциалын Грузияның технологиялар, дизайн, сертификатлаў ҳәм өнимлерди базарға алып шығыў бағдарындағы тәжирийбеси менен үйлестириў имканиятларын көрип шықты. Бул бағдарда фармацевтика, жеңил ҳәм азық-аўқат санаатында, соның ишинде, Европа базарларына бағдарланған қоспа өндирислерди шөлкемлестириў перспективаларына итибар қаратылды.
Поти портында Өзбекстан логистика орайы шөлкемлестириледи
Транспорт ҳәм логистика тараўындағы бирге ислесиў де сөйлесиўлердиң әҳмийетли бағдарларынан бири болды. Грузияның Қара теңиз портлары арқалы Өзбекстан өнимлерин Европа базарларына жеткерип бериўдеги орны атап өтилди.
Тәреплер Транскаспий халықаралық транспорт жөнелиси бойынша байланысларды беккемлеў, порт ҳәм қоймахана инфраструктурасын модернизациялаў, транзит шараятларын жақсылаў ҳәм жүк тасыўдың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў мәселелерин додалады.
Тийкарғы басламалардан бири Грузияның Поти портында Өзбекстан логистика орайын шөлкемлестириў болып есапланады. Бул бағдарда тийисли келисимге қол қойылған ҳәм Өзбекстан өнимлериниң Европаға дәслепки сынаў жүк жөнелиси әмелге асырылған.
Бул жөнелисти раўажландырыў арқалы Грузия аймағы бойынша жүк тасыў көлемин 2030-жылға барып жылына 3 миллион тоннаға жеткериў имканияты көрип шығылмақта.
Туризм ҳәм аймақлараралық бирге ислесиў де раўажландырылады
Сөйлесиўлерде биргеликтеги туристлик бағдарларды шөлкемлестириў, тиккелей авиақатнаўларды кеңейтиў, мийманхана ҳәм саламатландырыў инфраструктурасына байланыслы басламаларды әмелге асырыў перспективалары да көрип шығылды.
Аймақлараралық байланысларды беккемлеў мақсетинде делегациялардың өз-ара сапарлары кестесин таярлаў ҳәм 2027-жылы биринши Өзбекстан — Грузия аймақлар форумын өткериў мәселесин ислеп шығыўға келисип алынды. Форум жергиликли ислеп шығарыўшылар, инвесторлар ҳәм исбилермен топарлар арасында жаңа байланысларды жолға қойыўға хызмет етиўи күтилмекте.
Мәжилис жуўмағында келисимлерди әмелге асырыў бойынша кейинги қәдемлер белгилеп алынды. Ҳүкиметлераралық комиссияның 12-мәжилисин 2027-жыл февраль айында Ташкент ўәлаятында еки мәмлекет исбилермен топарларының ўәкиллериниң қатнасыўында өткериўге келисип алынды.