"Өзбекстан - 2030" стратегиясында мәмлекетимизди БМШтың Электрон ҳүкиметти раўажландырыў индекси (UN EGDI) бойынша дүньяның ең раўажланған 30 мәмлекетиниң қатарына киргизиў тийкарғы ўазыйпалардан бири етип белгиленген. Усы мақсетти әмелге асырыў шеңберинде "Электрон ҳүкимет" системасын жетилистириў, телекоммуникация инфраструктурасын раўажландырыў, санлы мәмлекетлик хызметлер көлемин кеңейтиў бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта.
Бул ҳәрекетлер нәтийжесинде Өзбекстан БМШтың 2026-жылы электрон ҳүкиметти раўажландырыў бойынша үйрениўинде (UN E-Government Survey 2026) 194 мәмлекет арасында 32-орынды ийеледи. Буннан тысқары, мәмлекет биринши мәрте электрон ҳүкимет раўажланыўының оғада жоқары дәрежеси - «Very High EGDI» мәмлекетлер топарына кирди.
Итибарлы тәрепи, Өзбекстан халықаралық рейтингте 2020-жылға салыстырғанда 55, 2024-жылғы нәтийже менен салыстырғанда 31 текшеге көтерилип, 32-орынды ийеледи.
Өзбекстанда электрон ҳүкиметти раўажландырыўдың улыўма индекси (EGDI) 0,8930 ди қурады. Салыстырыў ушын, 2024-жылы бул көрсеткиш 0,7999 еди.
Изертлеўде Өзбекстанның төмендеги бағдарлар бойынша көрсеткишлери жоқары баҳаланды:
Онлайн мәмлекетлик хызметлер (OSI) - 0,8885;
телекоммуникация инфраструктурасы (TII) - 0,9213;
инсан капиталы (HCI) - 0,8692.
Сондай-ақ, пуқаралардың мәмлекетлик басқарыўда қатнасыў көрсеткиши (PE) 0,8276 ди қурады.
Есабатта Өзбекстанның санлы трансформация тараўындағы тәжирийбеси, соның ишинде, жасалма интеллект ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў бағдарындағы басламалары унамлы мысал сыпатында атап өтилген. Атап айтқанда, Жасалма интеллект ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў орайының тәжирийбе жойбарлары, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик секторда ЖИ технологияларын енгизиў, илимий бирге ислесиў ҳәм тармақлық таңлаўлар атап өтилди.
Бул нәтийже елимизде электрон ҳүкимет системасын жетилистириў, мәмлекетлик хызметлерди санластырыў, заманагөй телекоммуникация инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалардың халықаралық тән алыныўы болып есапланады. Өзбекстан стратегиялық мақсетке ерисиў жолында және бир әҳмийетли қәдем таслады - БМШ рейтингинде ТОП-30 лыққа кирди.