Инспектор жумыс орнында болмаса ямаса пуқараны қабыллай алмаса, келиўши түймени басып, оған хабарласыў зәрүрлиги ҳаққында сигнал жибериўи мүмкин болады. Бундай жағдайда инспектор сесли ескертиў алады ҳәм мүрәжат еткен шахс пенен байланысыў имканиятына ийе болады.

Егер сигнал алыўдан кейин инспектор байланысқа шықпаса, мүрәжат автомат түрде "112" бирден-бир диспетчерлик хызметине өткериледи.

Барлық келип түскен мүрәжатлар дизимге алынады ҳәм нызамшылықта белгиленген мүддетлерде көрип шығылады.

Жаңа системаны енгизиў шеңберинде республика бойынша барлық 8 мың 837 профилактика инспекторларының хызмет бөлмелери арнаўлы түйме менен үскенелениўи режелестирилген.

Жаңалықтың тийкарғы мақсети - ҳуқық қорғаў уйымларының халыққа жақынлығын арттырыў, пуқаралар ҳәм профилактика инспекторлары арасындағы аралықты қысқартыў, сондай-ақ, мүрәжатларға оперативлик пенен мүнәсибет билдириў ҳәм мәҳәллелерде жәмийетлик қәўипсизликти беккемлеўден ибарат.

Буннан тысқары, пуқаралардың мүрәжатлары ҳәм инспекторлар тәрепинен берилип атырған түсиниклерди даўысқа жазып алыў, қабыл етилип атырған қарарларды электрон түрде рәсмийлестириў системасын жетилистириў бойынша да жумыслар алып барылмақта. Бул профилактика инспекторлары жумысының ашық-айдынлығы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў имканиятын береди.

Профилактика инспекторларының рейтингин қәлиплестириў ҳәм жумысын баҳалаўда пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыў ҳәм оларға оперативлик пенен мүнәсибет билдириў нәтийжелери есапқа алынады.

Жаңалық Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2026-жыл 25-ноябрьдеги 639-санлы қарарында нәзерде тутылған.