Сөйлесиў алдынан Өзбекстан ҳәм Қатар арасындағы дослық қатнасықлары, өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимге тийкарланған бирге ислесиў байланыслары избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди.
Ушырасыўда еки мәмлекет ишки ислер уйымлары арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны буннан былай да раўажландырыў перспективалары додаланды. Атап айтқанда, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў, сондай-ақ, терроризм ҳәм экстремизм, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылық, наркотрафик ҳәм кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўларында өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде халықаралық бирге ислесиўдиң әҳмийети атап өтилди.
Тәреплер тараўға байланыслы бирге ислесиўди әмелий мазмун менен байытыў, қәнигелер арасында тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў ҳәм белгиленген бағдарлар бойынша биргеликтеги жумысларды жеделлестириў бойынша пикир алысты.