Кеңестиң 2025-жылы Ташкент қаласында өткерилген Х мәжилисинде қабыл етилген қарарға муўапық, ИИМ жанындағы Жазаны орынлаў департаменти баслығының басшылығында Кеңестиң гезектеги XI мәжилиси өткерилди.

Онда Армения, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Россия Федерациясы ҳәм Тәжикстан пенитенциар хызметлериниң басшылары, ҒМДА Атқарыў комитети ҳәм Антитеррор орайының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте ҒМДА мәмлекетлери пенитенциар хызметлери арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, бул бағдардағы алдынғы тәжирийбелерди үйрениў ҳәм әмелиятқа енгизиў, кадрлар таярлаў, судланғанларды руўхый дүзетиў ҳәм социаллық турмысқа бейимлестириў, пенитенциар хызмет хызметкерлерин социаллық қорғаў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланып, 10 тийисли қарар қабыл етилди.

2027-жылдан баслап Россия Федерациясы Жазаны орынлаў федерал хызмети жоқары оқыў орынларында ҒМДА мәмлекетлери пенитенциар хызметлери хызметкерлерин тийисли бағдарлар бойынша оқытыўды шөлкемлестириў, сондай-ақ, хызметкерлердиң маманлығын арттырыў мақсетинде аралықтан оқытыў имканиятларын жолға қойыў режелестирилгени айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, мәжилисте Россия мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткери, Татарстан Республикасы баслығы Рустам Нургалиевич Минниханов шығып сөйлеп, трансмиллий жынаятшылыққа қарсы гүресиўде ҳәрекетлерди бирлестириў әҳмийетли екенин атап өтти.

Терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратылды, ҒМДА Антитеррор орайы менен бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, мәмлекетлераралық бағдарламалар шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Мәжилис жуўмағында Кеңестиң гезектеги XII мәжилисин 2027-жылы Беларусь Республикасында өткериў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Буннан тысқары, делегация ағзалары әмелий сапар даўамында Россия Федерал жазаны орынлаў хызметиниң Татарстан Республикасы бойынша 1-санлы тергеў изоляторының жумысы менен танысты.

Заманагөй инфраструктура, қорғаў ҳәм қадағалаўдың инженерлик-техникалық қураллары, мәкеме жумысын шөлкемлестириў тәжирийбеси үйренилди.

Сондай-ақ, Россия пенитенциар системасы мәкемелеринде ислеп шығарылып атырған қурылыс, мебель, электротехника, арнаўлы транспорт ҳәм басқа да өнимлердиң көргизбеси менен танысты.

Бундай ушырасыўлар ҒМДА мәмлекетлери пенитенциар хызметлери арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў, тәжирийбе алмасыў, жазаны орынлаў тараўын заманагөй көзқараслар тийкарында раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейди.