Суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлерин көрсетиў қағыйдаларында төлем банк карталары ямаса электрон төлем системалары арқалы әмелге асырылатуғыны белгиленген. Тутыныўшылардың барлық топарларынан нақ пулда төлем алыў қадаған етиледи, банк кассаларындағы төлемлер буннан тысқары.
Мағлыўматнама бериўдиң бирден-бир тәртибине реал ўақыт режиминде берилетуғын 10 бийпул мағлыўматнама қосылды. Соның ишинде, жыйналып барылатуғын пенсия есап бетиниң жағдайы, нотариал ҳәрекетлер ҳәм ЭСҚ тарийхы, жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын жәрийма баллары, сырт елге шығыў, мәмлекетлик үлеси бар ҳәм мәжбүрий аудиттен өткен кәрханалар ҳаққындағы мағлыўматлар усылардың қатарына киреди.
Туўылыў, перзентликке алыў, некени дүзиў, ажырасыў ямаса Ф.И.Ә.ны өзгертиўди дизимге алыўда ПҲАЖ арза бериўшиниң қәлеўине бола арзаны дәрҳал басқа хызметлерге жибериўи мүмкин. Мәселен, поликлиникаға бириктириў, прописка, бақшаға гезек, ID карта, сырт ел паспорты ҳәм айдаўшылық гүўалығын алмастырыў.
Енди мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы киши көлемли кемелер ҳәм темир жол ҳәрекетлениўши қурамын дизимнен өткериў, жаслардың IT-сертификатлар ушын қәрежетлерин компенсациялаў, зергерлик ярым таяр өнимлерин алып шығыў ушын проба инспекциясының жуўмағы ҳәм басқа да мәселелер бойынша мүрәжат етиў мүмкин. Нәтийже келип түскеннен соң 10 минут ишинде орай тәрепинен мүрәжат етиўшиниң электрон почтасына жибериледи.
Архитектура кеңесиниң ағзалары 7 жумыс күнинде жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң архитектуралық бөлегин "Шаффоф қурилиш"та келисип алыўы керек. Шәртлер менен келисиў қадаған етиледи, Кеңес ағзасы мүддетинде жуўап бермеген жағдайда ҳүжжетлер келисилген деп есапланады.
Республикалық ҳәм халықаралық жарыслар ямаса олимпиадаларда 1-орынды ийелеген мүддетли оқыўшылар ИИМ, МҚХ, Миллий гвардия ҳәм әскерий жоқары оқыў орынларына квота шеңберинде тестсиз қабыл етиледи. Олимпиада ҳәм Азия спорт түрлери бойынша сыйлы орын ийелери Дене тәрбия ҳәм спорт университетине имтихансыз грант тийкарында қабыл етиледи.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 19.11.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».