Мийнет кодексине киргизилген қосымшаларға бола, мийнет ҳәм кәсип тараўында жынысый зорлыққа жол қойылмайды.

Мийнет ҳәм шуғылланыў тараўындағы жынысый мәжбүрлеў дегенде шахсқа қарата ол ушын унамсыз болған ҳәм оның ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын кемситетуғын, сыртқы көриниси ямаса дене дүзилисин тәрийиплеўде, қол ҳәрекетлеринде, услаўларда, шақырыўларда сәўлеленген жынысый характердеги ҳәрекетлерди ислеў түсиниледи.

Жумыс бериўшиниң мийнет жәмәәтинде жынысый зорлықтан жырақ орталық жаратыў ушын барлық зәрүр илажларды көриў миннетлемеси белгиленди.

Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.