Бул ҳаққында журналистлерге Грузия Ишки ислер министрлигиниң басшысы Сулхан Тамазашвили айтып берди.

Жарылыўға бесинши қабаттағы квартирада газ ысытыўшысынан пайдаланыў ўақтында тәбийғый газ топланыўы себеп болған. Жарылыў ақыбетинде үйдиң бир бөлеги қулады, деп хабар береди “regnum.ru”.

"Ҳәдийсе бойынша сорастырыў басланды. Имараттың бир бөлеги жасаў ушын жарамсыз деп табылып, пуқаралар эвакуация етилди ҳәм мийманханаларға көширилди", — деген министр қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына кеўил билдирди.