Мәмлекетлик дене тәрбия-спорт мәкемелери ҳәм спорт федерациялары «ERP sport» системасына спорчылар, тренерлер ҳәм спорт илажлары ҳаққындағы мағлыўматларды киргизиўи шәрт. Олардың басшылары усы мағлыўматлардың өз ўақтында ҳәм дурыс болыўы ушын жеке жуўапкер есапланады.

«MySport» қосымшасында төлемли хызмет көрсететуғын мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес спорт шөлкемлериниң зал ҳәм имаратларын саатлы, суткалық, айлық ҳәм жыллық тарифлер бойынша бронлаў ҳәм төлеў имканияты жаратылады. Сондай-ақ, шөлкемлердиң рейтинги, тарифлери, имаратлардың орны ҳәм акциялары да усы жерге жайластырылады.

01.02.2027-жылдан баслап Спорт министрлигиниң спорт-билимлендириў мәкемелериниң төлемли хызметлери ушын төлемлер «ERP sport»ты Орайлық банктиң "МУНИС" системасы менен интеграциялаў арқалы бирден-бир есап бетине келип түседи. Қаржылар автоматикалық түрде: 80 проценти – мәкемеге, 10 проценттен – Спортты қоллап-қуўатлаў қоры ҳәм "Санластырыў ҳәм сертификатлаў орайы" ЖШЖға ажыратылады.

1.01.2027-жылдан баслап жарыс жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерине диплом ҳәм сертификатлар QR-код қойылған ҳалда «ERP sport» арқалы электрон түрде бериледи. Мәмлекетлик мәкемелердиң спорт заллары ҳәм стадионларында смарт-камералар орнатылып, қатнасыўшылық ҳәм шынығыўлардың сапасы ҳаққындағы мағлыўматлар жасалма интеллект тәрепинен талланбақта.

Спорт мектеплери бириктирилген улыўма билим бериў мектеплеринде кеминде биреўден олимпиада жеке гүреслери ҳәм командалық спорт түрлери дөгереклери шөлкемлестириледи. 2027-жылдан мектеплерге жеке гүрес түрлери ушын универсал қапламалар жеткерип бериўге жылына 5 миллиард сумға шекем қаржы қаратылады.

Республикалық жоқары спорт шеберлиги мектеплери негизинде Олимпиада сайланды командалары орайы шөлкемлестириледи. Орай тренерлериниң айлық үстемелери олардың спорчыларының абырайлы халықаралық жарыслардағы нәтийжелерине байланыслы болады.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң спорт бойынша кеңесгөйи лаўазымы енгизилмекте. Ол бир ўақыттың өзинде МОК аймақлық бөлиминиң атқарыўшы директоры болады.

Президенттиң 03.11.2022-жылдағы ПҚ-414-санлы қарарына да өзгерислер киргизилди. Енди Олимпиада, Паралимпия, Азия ҳәм Параазия спорт түрлери бойынша республика чемпионларында алдынғы календарь жылының 1-июлинен баслап 30-июньға шекем ерисилген нәтийжелер есапқа алынады.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 16.11.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».