Бул ҳаққында “Vanguard” газетасы жергиликли ҳәкимиятқа сүйенип хабар берди, деп жазбақта “Report”.

Дәслеп штат полиция сәркардалығы төрт денениң табылғанын ҳәм 24 адамның аман қалғанын тастыйықлаған еди, бирақ шемби күни кешқурын жергиликли сүңгиўшилер ҳәм теңиз полициясы және 22 денени тапты ҳәм қурбан болғанлардың улыўма саны 26 ға жетти.

Атап өтилиўинше, ағаштан исленген жолаўшы кемеси жерлеў мәресимине кетип баратырған болған. Дәслепки мағлыўматларға бола, ҳәдийсениң келип шығыўына қайықтың артықша жүклениўи ҳәм ҳәрекет ўақтында жүзеге келген техникалық насазлық себепши болған.

Атап өтилиўинше, аман қалған 19 адамға медициналық жәрдем көрсетилген, және бес жәбирленген адам емлеўханаға жатқарылған. Кемени басқарыў ушын жуўапкер адам тергеў ушын усланды, ал қайықшы болса қашып кетти.