Китапта Өзбекстанда соңғы он жылда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылған реформалар, мәмлекеттиң сыртқы сиясатындағы жаңаша көзқараслар, сондай-ақ, дипломатиялық бирге ислесиўдиң перспективалары кеңнен сәўлелендирилген, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Шығармада Жаңа Өзбекстан сыртқы сиясатының тийкарғы принциплери - өз-ара исеним, конструктивлик сөйлесиў, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылған.
Буннан тысқары, Орайлық Азияда регионаллық интеграцияны күшейтиў, саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, транспорт коридорларын раўажландырыў ҳәм инвестицияларды тартыў бағдарындағы ҳәрекетлер талланады.
Китаптың әйне араб тилинде басып шығарылғаны Оман мәмлекетинде Өзбекстанның бүгинги раўажланыў жолына, мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға, сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының сиясий көзқарасларына қызығыўшылық артып атырғанынан дәрек береди.
Бул, бир тәрептен, Өзбекстан жетекшисине жоқары ҳүрмет ҳәм тән алыўдың көриниси болса, екинши тәрептен, мәмлекетимиздиң реформалар бойынша тәжирийбеси Оман жәмийетшилиги ушын қызығыўшылық ҳәм әҳмийетке ийе екенинен дәрек береди.