Мәмлекетимиз басшысына Иордания Ҳошимийлер Патшалығының Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайн шериклик етти.
Көргизбеде еки мәмлекеттиң саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў потенциалы, бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, таў-кән санааты ҳәм геология, химия тармағы, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат санааты, транспорт ҳәм логистика, электротехника, тоқымашылық, фармацевтика ҳәм қорғаныў санаатына бағышланған бөлимлер шөлкемлестирилген.
Жетекшилерге Өзбекстан ҳәм Иорданияның ҳәр қыйлы тармақлардағы перспективалы инвестициялық жойбарлары да таныстырылды. Бул еки елдиң инвесторларына инвестиция киргизиў мүмкин болған пайдалы жойбарлар менен тиккелей танысыў имканиятын берди.
Стендлерде минерал шийки зат ҳәм базальт өнимлери, төгинлер, азық-аўқат, пахтадан ийирилген жип, гезлеме ҳәм таяр кийим-кеншек, дәри-дәрмақлардың үлгилери көрсетилмекте.
Еки мәмлекеттиң ири компанияларының ўәкиллери биргеликтеги жойбарлардың орынланыўы ҳаққында мәлимлеме берди.
Көргизбе Өзбекстан ҳәм Иорданияның жетекши кәрханалары арасында кооперацияны беккемлеўге, алдыңғы тәжирийбе ҳәм заманагөй технологиялар алмасыўын кеңейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.