Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Әзербайжан Республикасы Миллий Межлиси ағзалары, сондай-ақ, еки мәмлекет жаслар парламентлериниң ўәкиллери қатнаспақта.

Форум Өзбекстан Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева ҳәм Әзербайжан Миллий Межлиси Баслығы Саҳиба Гафарованың шығып сөйлеген сөзлери менен басланды.

Еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары, жеке дослығы ҳәм өз-ара исеними себепли мәмлекетлераралық қатнасықлар аўқамласлық дәрежесине көтерилгени айрықша атап өтилди.

Еки жыл алдын мәмлекет басшылары Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойғаны атап өтилди. Усы жылдың август айында Ташкентте болып өткен Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң үшинши мәжилиси еки тәреплеме бирге ислесиў тарийхында және бир әҳмийетли ўақыя болды: Президентлер Мәңги дослық ҳаққындағы шәртнамаға қол қойды.

Өзбекстан - Әзербайжан қатнасықлары системасында парламентлераралық бирге ислесиў әҳмийетли орын ийелейди. Биринши парламентлераралық форум 2025-жыл июль айында Хийўа қаласында болып өткен еди.

Хийўа декларациясында болса парламентлераралық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп берилди ҳәм еки мәмлекет арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў бойынша исенимли умтылыс билдирилди.

Өткен ўақыт даўамында еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў сезилерли дәрежеде кеңейди. Ең жоқары дәрежедеги жедел сиясий сөйлесиў избе-из даўам еттирилмекте. Еки тәреплеме қатнасықлардың тийкарғы бағдарлары бойынша онлаған ҳүжжетлерге қол қойылды, әҳмийетли келисимлерге ерисилди.

Бүгинги күнде ири қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланыслар кеңеймекте, аймақлараралық бирге ислесиў тереңлесип бармақта. Атап айтқанда, Өзбекстанда Әзербайжан капиталының қатнасыўында 470 тен аслам кәрхана, Әзербайжанда болса Өзбекстан инвестициясының қатнасыўында 130 дан аслам компания жумыс алып бармақта.

Мәмлекетлераралық келисимлерди әмелге асырыў ҳәм реформаларды нызамшылық жақтан тәмийинлеўде парламентлердиң айрықша орны бар екенлигинен келип шығып, жақын еки жылда бирге ислесиўди төрт тийкарғы бағдарда раўажландырыў басламасы алға қойылды.

Еки тәреплеме келисимлердиң орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды тәмийинлеў, парламентлераралық сөйлесиўде аймақлардың қатнасыўын жеделлестириў, халықаралық парламент майданларында бирге ислесиўди күшейтиў, билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәкемелери арасында тиккелей байланысларды кеңейтиў усылардың қатарына киреди.

Жаслар алмасыўы бағдарламаларын раўажландырыў, өзбек ҳәм әзербайжан халықларының улыўма тарийхый ҳәм мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаўға қаратылған биргеликтеги басламаларды қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екени атап өтилди.