Дональд Трамптың атап өтиўинше, өткен ҳәптеде Өзбекстанның АҚШтағы елшиси Фурқат Сидиқов ҳәм АҚШ ишки ислер министри Даг Бургом қатнасыўында өткерилген усы объектлерди таныстырыў мәресиминде “Marine One” вертолётыда усы объектлер үстинен ушып өтиў оның ушын айрықша мақтаныш болды.

Ол Өзбекстан өнерментлериниң шеберлигин, мийнетин жоқары баҳалап, әйўанлар 200 жыллық таў ғозасы ағашынан жасалғанын айрықша атап өтти. Оның айтыўынша, өзбекстанлы усталар бир неше айлар даўамында өз шаңарақларынан узақта мийнет етип, соның ишинде, қолайсыз ҳаўа-райы шараятларын жеңип өткен. АҚШ Президенти оларды ҳақыйқый талантлар деп атады.

Дональд Трамптың атап өтиўинше, ол айўанларды жеке меншик мүлк етип қалдырыўдың орнына, оларды кең жәмийетшилик ушын пайдаланыў имканиятын жаратыўға қарар еткен. Ҳәзирги ўақытта қурылмалар Вашингтондағы Тидал-Бейсин суў бассейни жағасында жайласқан болып, ол жерден Джефферсон естелиги ҳәм Вашингтон монументине көринис ашылады.

Буннан тысқары, Америка жетекшиси Қаҳарманлар миллий бағы ашылғаннан соң бир жылдан кейин әйўанлар қаланың ең көп адам баратуғын ҳәм тартымлы орынларынан бирине айланатуғынына исеним билдирди. Бул жерде дипломатиялық қабыллаўлар, мәдений илажлар, сакура гүллеў фестивалы шеңберинде фотосессиялар ҳәм ҳәр қыйлы жәмийетлик илажларды өткериў режелестирилген.

"Өзбекстанлы талантлы усталар - өз тараўының ҳақыйқый шеберлери! Олар бул гөззал әйўанларды жоқары шеберлик пенен жаратқан. Олар ҳақыйқатында да тәсирли!", деп жазған Дональд Трамп.

АҚШ Президенти, сондай-ақ, Өзбекстанның Вашингтондағы елшиханасы ҳәм АҚШ Миллий парклер хызметине жойбарды әмелге асырыўда тығыз бирге ислескени ушын миннетдаршылық билдирди.

Мағлыўмат ушын, бул әйўанлар Америка жәмийетшилигине Өзбекстанның миллий архитектуралық дәстүрлерин ҳәм жергиликли өнерментлердиң жоқары шеберлигин көрсететуғын өзине тән саўға болды.