16-17-ноябрь күнлери Оман Султанлығына ҳәм 23-24-ноябрь күнлери Иордания Ҳошимийлер Патшалығына әмелге асырылған мәмлекетлик сапарлар Өзбекстанның усы мәмлекетлер менен қатнасықларының раўажланыўында жаңа басқышты баслап берди. Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмағында стратегиялық шериклик ҳаққындағы келисимлерге қол қойылды, узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген кең көлемли әмелий бирге ислесиў күн тәртиби қәлиплестирилди.
Оманға мәмлекетлик сапар шеңберинде 30 дан аслам еки тәреплеме ҳүжжетке қол қойылды, 5 миллиард долларлық биргеликтеги жойбарлар қатары қәлиплестирилди. Өз-ара товар алмасыў көлемин 1 миллиард долларға жеткериў мақсет етип қойылды.
Энергетика, электротехника, химия ҳәм таў-кән санааты, қала қурылысы, аўыл хожалығы, қаржы ҳәм санлы технологиялар тараўларындағы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары белгилеп алынды.
Иорданияға мәмлекетлик сапар даўамында 19 еки тәреплеме ҳүжжет қабыл етилди ҳәм қол қойылды. Ең әҳмийетлиси, өз-ара товар алмасыў көлемин 500 миллион долларға жеткериўге хызмет ететуғын Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисим болып есапланады.
Тоқымашылық тармақларын шөлкемлестириў, оғада әҳмийетли пайдалы қазылмаларды өзлестириў, фармацевтика өнимлерин локализациялаў, минерал төгинлер ислеп шығарыў ҳәм агросанаат кластерлерин шөлкемлестириў бойынша биргеликтеги жойбарлар режелестирилген.
Мәжилисте Түркия менен ерисилген келисимлердиң орынланыўы да ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл январь айында Анкараға рәсмий сапары ҳәм Жоқары дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң төртинши мәжилиси жуўмақлары бойынша кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды. Өз-ара товар алмасыўды 5 миллиард долларға жеткериў, санаат кооперациясын кеңейтиў ҳәм аймақлараралық байланысларды жеделлестириў бойынша ўазыйпалар қойылды.
Усы жылдың октябрь айында Анкара қаласында еки мәмлекет жетекшилериниң сөйлесиўлери жуўмағында бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша жоқары дәрежедеги Өзбекстан-Түркия кеңесиниң шөлкемлестирилгени бул келисимлерди әмелге асырыўда әҳмийетли қәдем болды.
19-ноябрь күни Ташкентте Түркияның 150 ден аслам компаниясы ўәкиллериниң қатнасыўында өткен кеңестиң биринши мәжилиси шеңберинде 11,2 миллиард долларлық инвестициялық ҳәм саўда келисимлерине ерисилди.
Қусшылық ҳәм бағшылық, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, қала қурылысы, геология ҳәм туризм тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў ушын қосымша имканиятлар бар.
Мәжилисте қол қойылған ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў, инвестициялық жойбарларды жедел ислеп шығыў, оларды қаржыландырыў дәреклерин анықлаў ҳәм зәрүр инфраструктураны жаратыў бойынша биринши гезектеги ўазыйпалар белгиленди.
Ҳәр бир мәмлекет бойынша анық илажлар, орынлаў мүддетлери ҳәм жуўапкерлер көрсетилген комплексли "жол карталары"н қәлиплестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Туризм, билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў, тиккелей авиақатнаўларды ҳәм аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Министрликлер, тармақлар ҳәм аймақлардың басшыларына сырт елли шериклер менен турақлы бирге ислесиўди тәмийинлеў, биргеликтеги жойбарларды системалы қоллап-қуўатлаў ҳәм пайда болып атырған мәселелерди жедел шешиў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәжилисте жыл басынан берли әмелге асырылған басқа да сырт ел сапарлары ҳәм жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмағында ерисилген келисимлердиң орынланыў барысы да көрип шығылды.
Сондай-ақ, 2027-жылы болатуғын ири халықаралық илажларға таярлық көриў мәселелери додаланды. Олардың мазмунлы күн тәртибин қәлиплестириў, көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға қаратылған баслама ҳәм усынысларды ислеп шығыўға айрықша итибар қаратылды.
Жуўапкер уйымларға мазмунлы ҳәм шөлкемлестириўшилик таярлықтың барлық бағдарлары бойынша муўапықластырылған жумысларды тәмийинлеў, сырт елли шериклер менен зәрүр мәсләҳәтлесиўлер өткериў, болажақ илажларды жоқары дәрежеде өткериў ушын барлық шараятларды жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәжилисте электротехника санаатын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы тийкарғы ўазыйпалар да көрип шығылды.
2030-жылға шекем тармақта өндирис көлемин 130 триллион сумға, экспортты 5 миллиард долларға жеткериў, 11 миллиард доллардан аслам инвестициялық жойбарлар портфелин қәлиплестириў мөлшерленген. 2027-2029-жылларда 6 перспективалы бағдар бойынша 164 жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған.
Заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў, жергиликли шийки затты қайта ислеўди тереңлестириў, локализациялаў дәрежесин арттырыў, миллий ислеп шығарыўшылардың глобал жеткерип бериў шынжырларындағы орнын беккемлеў ҳәм сырт ел базарларында миллий брендлерди алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Жоқары маманлықтағы кадрларды, соның ишинде, "Мың инженер-конструктор" бағдарламасы шеңберинде таярлаў тараўды буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли бөлеги болады.