Материктиң ең ири спорт жарысында қатнасқан Өзбекстан делегациясы қурамында 396 спортшы 42 спорт түри бойынша елимиздиң абырайын қорғады. Күтилгениндей, спортшыларымыз жарысларда мүнәсип қатнасып, жәми 70 медаль менен улыўма командалық есапта 5-орынды ийеледи.
Аичи-Нагоя-2026 Өзбекстан спортшылары ушын "Лос-Анжелес-2028" Олимпиада ойынларына таярлық жолында әҳмийетли басқыш болды. Айырым спорт түрлеринде Олимпиада жолламалары ушын да беллесиўлер болып өтиўи жарыстың әҳмийетин және де арттырды. Ўәкиллеримиз жарыс даўамында 21 алтын, 25 гүмис ҳәм 24 қола медалын қолға киргизди.
Медаллар кестесинде Қытай 169 алтын, 89 гүмис ҳәм 83 қола медаль менен биринши орынды ийеледи. Япония 83 алтын, 95 гүмис ҳәм 91 қола медаль менен екинши, Қубла Корея 39 алтын, 43 гүмис ҳәм 68 қола медаль менен үшинши болды. Ҳиндстан 21 алтын, 27 гүмис ҳәм 37 қола медаль менен төртинши орынды ийеледи.
Өзбекстаннан кейинги орында Иран атап өтилди. Иранлы спортшылар 19 алтын, 18 гүмис ҳәм 15 қола медаль менен 6-орынды ийеледи.
Өзбекстан 2023-жылы Ханчжоуда өткерилген XIX Азия ойынларында да улыўма командалық есапта 5-орынды ийелеген еди. Сол ўақытта спортшыларымыз 22 алтын, 18 гүмис ҳәм 31 қола - жәми 71 медаль қолға киргизген.
Солай етип, Өзбекстан бул рет алтын медальлар саны бойынша бир кем нәтийже көрсеткен болса да, улыўма медальлар санында 70 нәтийже менен 5-орынды сақлап қалды. 2023-жылдағы 71 медаль болса ҳәзирше елимиздиң Азия ойынларындағы ең жақсы нәтийжеси болып есапланады.