Аўыл хожалығы министрлигиниң мәлим етиўинше, улыўма республикалық көрсеткишке ерисилгени барлық атызларда жыйын-терим жуўмақланғанын билдирмейди. Социаллық тармақларда елеге шекем пахта терилмей атырған майданлар ҳаққындағы видеоматериаллар тарқалды. Бирақ, жеке атызларда өнимниң болыўы жыйын-терим көрсеткишлерин бийкарламайды, себеби жыйын-терим еле даўам етпекте.

Мысал ретинде Бухара ўәлаятында пахта жетистириў режеси 442 мың тонна болып, мәўсим басынан берли 530 мың 677 тонна пахта жетистирилгенин атап өтиў керек. Соның менен бирге, бир күнниң өзинде және 1 мың 228 тонна өним жыйналған.

Сондай-ақ, мәкемеде жыйын-терим жумысларының өз ўақтында алып барылыўы агротехникалық талапларға әмел етилиўине байланыслы екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, егисти кеш егиў, ғаўашаның жетилисиўин тезлестириўши препаратларды өз ўақтында қолланбаў, дефолиация нәтийжесинде өним жыйнаў кешигиўи мүмкин. Ҳаўа райының жаманласыўы, теримшилердиң жетиспеўшилиги айырым атызлардағы жумысларды және де қыйынластырмақта.

3. Өнимниң есабы қалай жүргизиледи?

Пахтаны қабыл етиў ҳәм есапқа алыў «Agrotarozi», «Hosil qabuli» ҳәм «AgroDocs» мәлимлеме системаларынан пайдаланған ҳалда электрон тәризде әмелге асырылады.

Ҳәр бир партия анық жер участкасы көрсетилген товар-транспорт накладнойи тийкарында қабыл етиледи. Пахта электрон тәрезиде өлшенеди, мағлыўматлар мәлимлеме системаларында дизимге алынады.

Министрликтиң атап өтиўинше, бир автотранспорт қуралының тәрезиге қайтадан түсиўи өз-өзинен өнимниң еки рет есапқа алынғанынан дәрек бермейди. Ҳәр бир партия өз алдына тартылады ҳәм жеткерип бериўши менен алыўшының электрон санлы қоллары менен тастыйықланған тийисли электрон ҳүжжетлер менен рәсмийлестириледи.

Онда ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ҳәр қандай гүман электрон жазыўлар ҳәм рәсмий ҳүжжетлер тийкарында белгиленген тәртипте тексерилиўи керек.

Тараўда механизацияласыў кеңеймекте

Мәлим етилиўинше, 30-35 күнде 3 мыңнан аслам пахта териў машиналары жәрдеминде өнимниң 85 проценти жыйнап алынды. Кейинги еки жылда елимизге 2 мыңнан аслам заманагөй машина жеңиллетилген лизинг тийкарында алып келинди. Биринши мәрте терим машиналары күндиз ҳәм түнде - суткасына 16-18 саат даўамында атызларда жумыс алып барды.

Сондай-ақ, 2021-2025-жылларда пахтаның орташа зүрәәтлилиги 40,4 процентке, жалпы өним болса 19,3 процентке артып, егислик майданлары 15,1 процентке қысқарған.

Сондай-ақ, министрлик тапсырылған пахта ушын фермерлер менен өз ўақтында есап-санақ етиў ҳәм теримшилердиң мийнетине ҳақы төлеў зәрүрлигине итибар қаратты. Атап өтилиўинше, тармақта 13-14 триллион сумлық сап пайда болыўы режелестирилген болса да, бул қаржылар барлық хожалықларға төлеп берилген, дегени емес.

Пахта мапазына объектив баҳа бериў рәсмий мағлыўматлар, электрон ҳүжжетлер ҳәм анық мүрәжатларды тексериў тийкарында әмелге асырылыўы, анықланған машқалалар өз алдына көрип шығылыўы керек екенлиги атап өтилди.