Ҳүжжетке Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи - Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимов ҳәм "ACWA Power" компаниясының тийкарын салыўшысы ҳәм директорлар кеңесиниң баслығы Муҳаммад Абдулла Абунайян қол қойды.
Меморандум парник газлериниң шығарылыўын қысқартыў, углерод базарларын раўажландырыў ҳәм Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў тараўында халықаралық бирге ислесиўди нәзерде тутатуғын Париж келисиминиң механизмлерин қолланыў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған.
Келисимлер шеңберинде тәреплер Өзбекстандағы "ACWA Power" жойбарларының углерод базарының халықаралық механизмлеринде қатнасыў имканиятларын үйрениў ниетинде. "Бас", "Жанкелди", "Қоңырат" (аккумулятор батареяларында энергия топлаў системасы), сондай-ақ, "Қаратаў" самал энергетикасы жойбарлары ҳаққында сөз бармақта.
Жойбарлардың Париж келисими нормаларына муўапықлығын баҳалаў, оларды мақуллаў ҳәм дизимнен өткериў тәртип-қағыйдаларын үйрениў, сондай-ақ, углерод кредитлерин генерациялаў, өткериў ҳәм олардан пайдаланыў имканиятлары және шығындыларды қысқартыў нәтийжелерин үйрениўге айрықша итибар қаратылады.
Сондай-ақ, ҳүжжет техникалық ҳәм нормативлик-ҳуқықый бирге ислесиўди раўажландырыў, углерод базарлары тараўында тәжирийбе ҳәм билим алмасыў, мониторинг, есабат ҳәм тексериў системаларын жетилистириў, сондай-ақ, институционаллық потенциалды арттырыў илажларын өткериўди нәзерде тутады.
Қайта тиклениўши энергетика объектлери ҳәм энергетика инфраструктурасының климатқа шыдамлылығын арттырыў бирге ислесиўдиң айрықша бағдары болады. Атап айтқанда, самал электр станциялары ҳәм энергия сақлаў системалары ушын климат қәўиплерин баҳалаў, соның ишинде, экстремал температура, шаң ҳәм қум боранларының тәсири, климат мәлимлемеси ҳәм ерте ескертиў системаларынан пайдаланыў бойынша мәлимлеме алмасыў режелестирилген.
Меморандумға қол қойылыўы Өзбекстан ҳәм "ACWA Power" арасындағы халықаралық климат бирге ислесиўи, мәмлекеттиң углерод базарларында қатнасыў имканиятларын кеңейтиў ҳәм миллий климат мақсетлерине ерисиў ушын қайта тиклениўши энергетика потенциалын тартыў бойынша сөйлесиўди раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болды.