Тәреплер Өзбекстанның мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм сақлаў
тараўындағы биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў ҳәм бирге ислесиўди
кеңейтиў перспективаларын додалады, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Лазар Элунду Ассомо 26-июль күни "Ташкенттиң заманагөй
архитектурасы" сериялы обьекти ЮНЕСКОның Дүнья мийрасы дизимине
киргизилгени менен Өзбекстанды және бир мәрте қутлықлады. Бул қарар Пусан
қаласында болып өткен Пүткил жер жүзилик мийрас комитетиниң 48-сессиясында
қабыл етилди.
Орай директорының атап өтиўинше, бул тарийхый ўақыя Өзбекстанның бай ҳәм
ҳәр қыйлы мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаў бағдарындағы кең көлемли илажлары
халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынып атырғанынан дәрек береди.
Тәреплер
"Пой Калон" архитектуралық комплексин реставрациялаў ҳәм "Шаҳристон"
аймағында "ашық аспан астында" археология музейин шөлкемлестириў
бойынша биргеликтеги жойбарларға айрықша итибар қаратты.
Ушырасыўда усы
жылдың май-июнь айларында Бухарада жумыс алып барған халықаралық экспертлер
миссияларының жуўмақлары ҳәм усы жойбарларды әмелге асырыў бойынша гезектеги
илажлар көрип шығылды.