ЮНЕСКОның Медиа ҳәм мәлимлеме мәденияты бойынша глобаллық альянсы медиа
ҳәм мәлимлеме мәдениятын раўажландырыў тараўында тәжирийбе, билим ҳәм әмелий
көзқараслар алмасыў ушын халықаралық платформа есапланады, деп хабар бермекте
"Дунё" МА.
Альянс мәмлекетлик структуралар, билимлендириў ҳәм илимий мәкемелер,
китапханалар, музейлер, ғалаба хабар қураллары, пуқаралық жәмийети шөлкемлери,
жаслар бирлеспелери ҳәм басқа да мәпдар тәреплерди бирлестиреди, санлы
көнликпелерди, мәлимлеме менен ислесиў мәдениятын раўажландырыўға, заманагөй
билимлендириў ҳәм ағартыўшылық ресурсларынан пайдаланыў имканиятын кеңейтиўге
жәрдемлеседи.
ЮНЕСКОның рәсмий
хатында Қоқанд ЮНЕСКОның Медиа
ҳәм мәлимлеме саўатлылығы бойынша глобал альянсында дизимге алынғаны, қала усы
халықаралық платформа жумысында қатнасыўы қоллап-қуўатланатуғыны атап өтилген.
Бул қарар Өзбекстан
Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекет қалаларының халықаралық байланысларын
кеңейтиў, олардың мәдений-ағартыўшылық потенциалын үгит-нәсиятлаў, инсан
капиталын, санлы көнликпелерди, жаслар сиясатын, билимлендириў ҳәм
ағартыўшылықты раўажландырыў бойынша тапсырмаларын орынлаў бойынша алып барылып
атырған избе-из жумыслардың әмелий нәтийжеси болды.
Қоқандтың ЮНЕСКО
Глобал альянсына қосылыўы турақлы, инклюзив ҳәм жуўапкершиликли мәлимлеме
орталығын қәлиплестириўге қаратылған заманагөй халықаралық басламаларды алға
қойыўда Өзбекстанның тарийхый қалаларының орны артып атырғанының тән алыныўы
болып есапланады.
Қоқандтың Альянста
қатнасыўы халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, сырт ел қалалары ҳәм экспертлер
жәмийетшилиги менен тәжирийбе алмасыў, ЮНЕСКОның қәнигелескен методикалық
материалларынан пайдаланыў, медиа ҳәм мәлимлеме саўатлылығы тараўында
жергиликли басламаларды алға қойыў ушын қосымша имканиятлар ашады.
Бул бағдар
ЮНЕСКОның "Медиа ҳәм мәлимлеме саўатлылығы қалалары" (Media and
Information Literacy Cities / MIL Cities) басламасын алға қойыў бағдарында
айрықша әҳмийетке ийе. Бул баслама жергиликли басқарыў уйымлары, билимлендириў
ҳәм мәденият мәкемелери, китапханалар, музейлер, ғалаба хабар қураллары, жаслар
шөлкемлери, пуқаралық жәмийети, шаңарақлар ҳәм мәҳәллелерди тартыў арқалы қала
дәрежесинде медиа ҳәм мәлимлеме саўатлылығын раўажландырыўға қаратылған.
Усы мүнәсибет
пенен Қоқанд өзиниң бай тарийхый-мәдений, ағартыўшылық ҳәм жәмийетлик
потенциалынан сын көзқарастан пикирлеў, санлы мәденият, мәлимлемеге
жуўапкершилик пенен қатнас жасаў, пуқаралардың, бәринен бурын, жаслардың жәмийетлик
турмыста белсене қатнасыўын раўажландырыўға қаратылған ағартыўшылық,
интерактивлик ҳәм мәдений илажларды әмелге асырыўда пайдалана алады.
Қоқандтың
ЮНЕСКОның Медиа ҳәм мәлимлеме мәденияты бойынша глобал альянсына қосылыўы да
қаланы “MIL Cities” халықаралық ҳәрекетиниң белсене қатнасыўшылары қатарында
және де көтериў, ЮНЕСКО менен байланыс, мәлимлеме, билимлендириў, мәденият ҳәм
турақлы қала қурылысы тараўларындағы бирге ислесиўди беккемлеўге тийкар
жаратады.