Сапар шеңберинде Жаңа Ташкенттиң қурылысына тиккелей сырт ел инвестицияларын, ири халықаралық девелоперлик компаниялары ҳәм дүньяға белгили брендлерди тартыў мақсетинде БАӘниң көшпес мүлк, қурылыс ҳәм инвестиция тараўларында жумыс алып барып атырған 20 ға шамалас жетекши компаниясының басшылары менен ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерилди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Сөйлесиўлер даўамында сырт ел инвесторларына Жаңа Ташкенттиң бас режеси, қаланы раўажландырыў концепциясы, инвестициялық потенциалы, перспективалы жойбарлар, сырт ел инвесторлары ушын жаратылған шараятлар, жеңилликлер ҳәм преференциялар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Сырт ел компанияларының ўәкиллери Жаңа Ташкентте әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс жумысларына, қаладағы инвестициялық имканиятларға үлкен қызығыўшылық билдирди.
Ушырасыўларда алдынғы халықаралық тәжирийбе, заманагөй архитектуралық ҳәм қала қурылысы шешимлерин енгизиў, дүньяның жетекши брендлерин тартыў, қала орталығын халықаралық стандартларға муўапық қәлиплестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сөйлесиўлер жуўмағында бир қатар перспективалы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, узақ мүддетли стратегиялық бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға өтиў бойынша дәслепки келисимлерге ерисилди.
Буннан тысқары, усы жылдың ақырына шекем сырт ел компанияларының басшылары ҳәм экспертлериниң Өзбекстанға сапарларын шөлкемлестириўге келисип алынды. Болажақ сапарлар шеңберинде ерисилген келисимлерди және де беккемлеў, перспективалы инвестициялық жойбарлардың тийкарғы параметрлерин келисиў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў нәзерде тутылған.