Ҳүжжет Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы арасында экологиялық бирге ислесиўди кеңейтиў, халықаралық шөлкемлер ҳәм жеке меншик сектор менен шерикликти беккемлеў, тоғай экосистемаларын тиклеў ҳәм климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў бойынша биргеликтеги басламаларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған.

Келисимлер шеңберинде улыўма баҳасы 350 мың АҚШ доллары муғдарында грант жойбарын әмелге асырыў нәзерде тутылған. Жойбар деградацияға ушыраған жерлерди тиклеў, тоғайзарлықлар жаратыў, тоғай ресурсларын турақлы басқарыў, шөллениўге қарсы гүресиў ҳәм биологиялық көптүрлиликти сақлаў сыяқлы бир қатар тийкарғы бағдарларды қамтып алады.

Сондай-ақ, тәреплер халықаралық тәжирийбе алмасыўды раўажландырыў, заманагөй технологияларды енгизиў, тараў қәнигелериниң билим ҳәм маманлығын арттырыў, экологиялық басламаларды әмелге асырыўда мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектордың бирге ислесиўин беккемлеў ниетинде.

Өзбекстан ҳәм AFoCO арасындағы бирге ислесиў соңғы ўақытта жедел раўажланбақта. Атап айтқанда, 2026-жыл сентябрь айында Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитет баслығының Корея Республикасына сапары ўақтында тоғайларды тиклеў, шөллениўге қарсы гүресиў ҳәм биргеликтеги экологиялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланған еди. Сөйлесиўлер жуўмағында 2027-2029-жылларда Ферғана ўәлаятында «Green Globe Project Uzbekistan Pine Forest» жойбарын әмелге асырыў режелери де белгилеп алынды.

Үш тәреплеме меморандумға қол қойылыўы Өзбекстанның халықаралық экологиялық бирге ислесиўин кеңейтиў, сырт ел грант қаржыларын тартыў ҳәм мәмлекетте турақлы тоғай экосистемаларын қәлиплестириўде гезектеги қәдем болды.

Қол қойыў мәресиминиң жуўмағында "Green University" аймағында тәреплердиң тоғай экосистемаларын тиклеў, жасыл аймақларды кеңейтиў ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға болған улыўмалық садықлығының көриниси болған символикалық терек егиў мәресими болып өтти.