Мәмлекетимиз басшысының Бухара ўәлаятына сапары даўамында мәдений мийрас объектлерин реставрациялаў, тарийхый қаланың өзине тән көринисин сақлаў ҳәм туристлер ушын тартымлылығын арттырыў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди.
Презентацияда Бухараның тарийхый орайын раўажландырыўдың бас режеси, архитектуралық естеликлерди сақлаў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў, заманагөй мәденият ҳәм туризм инфраструктурасын қәлиплестириў жойбарлары көрип шығылды.
Атап айтқанда, "Арк" музей-қорықханасында реставрациялаў жумысларын алып барыў ҳәм музей экспозицияларын заман талаплары тийкарында шөлкемлестириў, "Қос медресе" архитектуралық ансамблин қайта тиклеў, Бухара музыкалы драма театрын реконструкциялаў ҳәм Саманийлер бағы аймағын абаданластырыў бойынша усыныслар билдирилди.
Жадидлер мийрасы мәмлекетлик музейи ҳәм Бухара мәмлекетлик көркем өнер музейин шөлкемлестириў, оларда тарийхый орталыққа үнлес болған заманагөй көргизбе орынларын жаратыў режелери ҳаққында мағлыўмат берилди.
Бухараның тарийхый орайында саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин бирден-бир архитектуралық усылға келтириў, пиядалар ушын қолайлы орталық жаратыў нәзерде тутылмақта. Барлық жумыслар ЮНЕСКО талаплары тийкарында әмелге асырылады.
2027-жылы екинши Бухара халықаралық бийенналесин өткериў концепциясы да көрип шығылды. Оның шеңберинде тарийхый естеликлер, көргизбе ҳәм жәмийетлик орынларды Саманийлер паркинен Арк қорғаны ҳәм Пойи Калон комплекси арқалы Лаби ҳәўыз ансамблине шекем бирлестиретуғын, узынлығы 2,3 километр болған бирден-бир пияда мәдений маршрут шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, мәдений мийрас объектлерин санластырыў, олардың үш өлшемли модельлерин жаратыў, археологиялық естеликлердиң сақланыўын тәмийинлеў ҳәм тараў қәнигелериниң маманлығын арттырыў бойынша АҚШ ҳәм Корея Республикасы шөлкемлери менен биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Презентацияда елимизде туризмди раўажландырыў бойынша ерисилген нәтийжелер ҳәм алдағы ўазыйпалар ҳәр тәреплеме додаланды.
Усы жылдың он айында Өзбекстанға 11,6 миллион сырт ел туристи келген. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 20 процентке көп ҳәм өткен жылдың улыўма көрсеткишине дерлик тең. Туризм хызметлери экспорты 1,5 есеге көбейип, 6 миллиард 100 миллион долларға жетти. Сырт елли туристлердиң елимиздеги орташа қәрежети 26 процентке артты.
2030-жылға барып елимизге келетуғын сырт елли туристлердиң санын 20 миллионға, туризм хызметлериниң экспортын 10 миллиард долларға, тараўда бәнт болғанлардың санын 2 миллионға, туризмниң жалпы ишки өнимдеги үлесин 7 процентке жеткериў мақсет етилген.
Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы тийкарында жуўапкерлер аймақларда туризм тараўында жумыс алып барып атырған 2 мыңнан аслам исбилермен менен ушырасып, олардың машқала ҳәм усынысларын үйренди.
Атап айтқанда, туристлик зоналарда электр қуўатлылығының жетиспеўшилиги, электр энергиясы ҳәм газ ушын алдыннан төлем муғдарының жоқарылығы, мийманханаларда валюта алмастырыў хызметлериниң шекленгени, таўлы аймақларда туристлерди автобус ҳәм микроавтобусларда тасыўды шөлкемлестириў мәселелери көтерилди.
Исбилерменлер альтернатив энергия дәреклеринен пайдаланыўды хошаметлеў, кредит алыўда кепиллик бериў, жер участкаларын бөлип-бөлип төлеў, мийманхана бизнеси ҳәм кеўилашар индустрияны раўажландырыў ушын қосымша жеңилликлер енгизиў бойынша усыныслар билдирди.
Президентимиз жуўапкерлерге исбилерменлер тәрепинен көтерилген ҳәр бир мәселени ҳәр тәреплеме үйренип, анық шешимлер ислеп шығыў ўазыйпасын қойды.
Туристлер ағымының тийкарынан дәстүрий туристлик орайларда топланыўы ҳәзирги инфраструктурада артықша жүклеме пайда етпекте. Усы мүнәсибет пенен аймақлардың өзине тән өзгешеликлери ҳәм имканиятларынан келип шығып, туризм географиясын кеңейтиў ҳәм жаңа туристлик өнимлерди қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылды.
Экологиялық, этнографиялық, аграр, гастрономиялық, экстремал, медициналық, исбилерменлик ҳәм кинотуризм сыяқлы перспективалы бағдарларды раўажландырыў, зәрүр инфраструктура жаратыў ҳәм маман қәнигелер таярлаў бойынша усыныслар көрип шығылды.
"Бир мәҳәлле – бир туризм өними" принципи тийкарында туризм маршрутларына мәҳәлле ҳәм аўылларды киргизиў нәзерде тутылмақта. Туристлерди жергиликли халықтың турмыс тәризи, миллий үрп-әдетлери, өнерменчилик ҳәм аспазлық дәстүрлери менен жақыннан таныстырыў арқалы халыққа қосымша дәрамат дәрегин жаратыў мүмкин.
Бас реже тийкарында аймақлардың туризм потенциалын раўажландырыў бағдарындағы жумыслар ҳаққында да мәлимлеме берилди. 2026-2027-жылларда 34 мастер-реже ислеп шығылып, соннан 13 и таярланған.
Атап айтқанда, Нурата районындағы әййемги "Кериз" суў сақлағышы негизинде ашық аспан астындағы музей ҳәм дем алыў орнын шөлкемлестириў, Наманганда гүл туризмин раўажландырыў, санаторий-курорт зоналарын комплексли абаданластырыўға байланыслы жойбарлар көрсетилди.
"Төдекөл" туристлик-рекреациялық зонасын раўажландырыў концепциясы көрип шығылды. Суў бассейниниң бойында аймақтың тәбийғый ландшафты менен үнлес ҳалда мийманханалар, дем алыў ҳәм саламатландырыў орынлары, экотуризм объектлери ҳәм заманагөй туризм инфраструктурасын шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.
Жаңа туризм жойбарларын әмелге асырыў ушын жәми 5 мың гектар жер майданларын аукционға шығарыў, туризм инфраструктурасын раўажландырыўға 2030-жылға шекем 3,1 триллион сум қаратыў режелестирилген.
Буннан тысқары, Туризм жойбарларын қоллап-қуўатлаў қорын шөлкемлестирип, оған келеси жылы 100 миллиард сум ажыратыў нәзерде тутылмақта.
Қордың қаржылары есабынан жаңа туристлик объектлер шөлкемлестириў, исбилерменлерге жеңиллетилген кредитлер бериў, кредит процентлериниң бир бөлегин қаплап бериў, заманагөй кеўилашар хызметлерди енгизиўди субсидиялаў усыныс етилди.
Мәмлекетимиздиң туризм потенциалын халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаў, тийкарғы сырт ел базарларында мақсетли маркетинг кампанияларын өткериў, жетекши сырт ел туроператорлары ҳәм санлы платформалар менен бирге ислесиўди кеңейтиў илажлары көриледи.
Онда халықаралық авиақатнаўлар географиясын кеңейтиў, аймақлар арасында транспорт қатнаўларын жақсылаў, мийманхана, улыўма аўқатланыў ҳәм экскурсия хызметлериниң сапасын халықаралық стандартлар тийкарында арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Ири халықаралық әнжуманлар ҳәм форумларды өткериў мүддетлерин режелестириўде туризм мәўсимлерин есапқа алыў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды. Туризм комитетине министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бул илажларды туристлер аз келетуғын дәўирлерге өткериў бойынша көрсетпелер берилди.