Елимизде экономика тармақларының турақлы өсиўин тәмийинлеў, инвестициялық белсендиликти арттырыў ҳәм экспорт потенциалын кеңейтиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Онда ҳәр бир аймақтың экономикалық имканиятларын толық иске қосыў, жаңа жумыс орынларын ҳәм халық ушын турақлы дәрамат дәреклерин жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Мәжилисте Ферғана ўәлаятында бул бағдарда ерисилген нәтийжелер талланды. Усы жылдың жуўмағы бойынша ўәлаятта жалпы аймақлық өним 9,6 процентке, санаат 8,5 процентке, хызметлер көлеми 16,3 процентке өсиўи күтилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы ўәлаят экономикасының түрли тармақларында иске қосылмаған үлкен потенциал сақланып қалып атырғанын, оның әмелге асырылыўы халықтың дәраматларын ҳәм турмыс дәрежесин сезилерли арттырыў имканиятын беретуғынын атап өтти.
Кейинги күнлерде сырт ел инвесторлары менен өткерилген ушырасыўларда энергетика, қурылыс материаллары санааты, электротехника ҳәм фармацевтика тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша бир қатар келисимлерге ерисилгени атап өтилди.
Бул тараўларды жедел раўажландырыў ушын Ферғана ўәлаятында да үлкен имканиятлар бар. Атап айтқанда, улыўма баҳасы кеминде 20 миллиард доллар болған инвестициялық жойбарлар портфели қәлиплестирилген.
Аймақта санаатты раўажландырыўдың жаңа моделине өтиў бойынша усыныслар билдирилди. Мәселен, талап жоқары болған өнимлерди ислеп шығарыўды өзлестириў, ири санаат кәрханалары әтирапында тармақлараралық кооперацияны кеңейтиў, алдынғы технологиялар ҳәм заманагөй басқарыў усылларын енгизиў арқалы кәрханалардың нәтийжелилигин арттырыў режелестирилген.
Учкўприк, Бешариқ ҳәм Ферғана районларында нәтийжесиз пайдаланылып атырған дерлик 1,5 мың гектар жерде арнаўлы санаат зоналарын шөлкемлестириў усынысы мақулланды.
Буннан тысқары, Ферғана қаласында химия санааты кәрханаларының бос майданлары негизинде инновациялық технопарк шөлкемлестириў ҳәм онда улыўма баҳасы 300 миллион долларлық жойбарларды жайластырыў, "Элтехсанаат" технопарки аймағын және 70 гектарға кеңейтип, Данғара районында оның филиалын ашыў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Сырт елли бирге ислесиўшилер менен ўәлаяттың район ҳәм қалаларында қурылыс материаллары, кабель өнимлери, самал турбиналары, электробуслар, қуяш панельлери ушын микрочиплер, электроскутерлер ушын аккумуляторлар, автомобиль аўысық бөлеклери ҳәм турмыслық техника ислеп шығарыўды шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын перспективалы жойбарлар таныстырылды.
Бар потенциалды иске қосыў есабынан 2027-жылы ўәлаятта жалпы аймақлық өнимниң кеминде 10 процентке, санаат өнимлерин ислеп шығарыўдың 9 процентке өсиўин тәмийинлеў, 6,1 миллиард доллар сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм экспорт көлемин 2 миллиард долларға жеткериў режелестирилген.
Мәжилисте ўәлаяттың туризм потенциалынан нәтийжели пайдаланыў режелери де көрип шығылды.
Ферғанадағы бийтәкирар тәбият, бай мәдений мийрас ҳәм өнерментшилик дәстүрлери экологиялық, зыярат, гастрономиялық ҳәм саламатландырыў туризмин раўажландырыў ушын кең имканиятлар жаратпақта.
Марғилон, Қоқанд ҳәм Ферғана қалаларында ири туризм комплекслерин шөлкемлестириў, Паркент районының алдыңғы тәжирийбеси тийкарында Чимёнсай бойы, Данғара, Язавон, Олтиариқ ҳәм Сўх районларында заманагөй туризм объектлери ҳәм шаңарақлық дем алыў орынларын қурыў режелери таныстырылды.
Аўыл хожалығында жоқары қосымша қун жаратыў, атап айтқанда, бағшылықты санаатластырыў, экспортқа жарамлы өнимлер жетистириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Атап өтилгениндей, Ферғана ўәлаяты мийўе-овош жетистириў бойынша мәмлекетимизде жетекши аймақлардан бири болыўына қарамастан, бағлардың үлкен бөлеги елеге шекем дәстүрий усылда тәрбияланбақта. Өнимдарлық аз, суўдың жумсалыўы көп екенлиги көрсетип өтилди. Буннан тысқары, жетистирилип атырған өнимлердиң сапа өзгешеликлери елеге шекем ири халықаралық саўда тармақларының талапларына толық жуўап бермейди.
Сол себепли жуўапкерлерге Ферғана, Қува ҳәм Алтыарық районларындағы "Агростар" компаниялары менен бирге 37 мың гектарда индустриал интенсив бағлар жаратыў бойынша тапсырма берилди.
Буннан тысқары, ўәлаятта 100 мың бас қарамал бағыў ҳәм бағыўға мөлшерленген ири жойбарларды әмелге асырыў, Бағдад ҳәм Фурқат районларын шарўашылыққа қәнигелестириў, Түркия тәжирийбеси тийкарында халықтың жеке жәрдемши хожалықларында қусшылықты раўажландырыў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелери де талланды. Усы жылдың жуўмағы менен ўәлаятта жумыссызлық дәрежеси 3 процентке, кәмбағаллық дәрежеси 2,7 процентке азайыўы күтилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы буннан былай халықтың дәраматларын арттырыў аймақлар басшыларының жумысын баҳалаўда тийкарғы өлшемлерден бирине айланатуғынын атап өтти.
2027-жылға мөлшерленген илажлардың орынланыўы есабынан ўәлаяттағы 1,1 миллион халықтың дәраматын 2 есеге арттырыў режелестирилген.
Буның ушын ҳәр жылы ўәлаяттың бир районы ямаса қаласында 10 мәҳәллени санаат, саўда ҳәм хызмет көрсетиўге терең қәнигелестириў нәзерде тутылған.
Язавон, Бешариқ, Фурқат ҳәм Риштон районларында кеминде 10 мәҳәлледе аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, сақлаў, қайта ислеў ҳәм қадақлаў бойынша жойбарларды әмелге асырыў, Алтыариқ ҳәм Ферғана районларында 41 мәҳәлледе 8,5 мың гектарда ерик ҳәм жүзим жетистириў бойынша кооперациялар шөлкемлестириў режелестирилген.
Марғилан, Ферғана қалалары ҳәм Үшкөпир районындағы 4 техникум тийкарында Германия ҳәм Қубла Корея стандартлары тийкарында кәсип-өнерге оқытыў системасын жолға қойыў, сырт елде жумыс ислеў тилегинде болған пуқаралар бул системадан пайдаланыўы мүмкин екенлиги атап өтилди. Бул ҳәр жылы 6 мың халықты сырт елде мийнет етиўге таярлаў имканиятын береди.
Ҳәзирги ўақытта Ферғана ўәлаятының халқы 4 миллион 200 мыңнан асты. Халық санының турақлы өсип барыўы турақ жай қурылысы, инженерлик-коммуникация ҳәм социаллық инфраструктураны тең салмақта раўажландырыў зәрүрлигин талап етпекте.
Усы мүнәсибет пенен Марғилан ҳәм Ферғана қалаларында жәми 600 мың халыққа мөлшерленген үлкен қала қурылысы жойбарларын әмелге асырыў, бул аймақларда жасаў ҳәм исбилерменлик ушын қолайлы шараятлар жаратыў режелери таныстырылды.
Ўәлаятта жаңа билимлендириў ҳәм медицина мәкемелерин, заманагөй спорт комплекслерин қурыў бойынша жойбарлар да көрип шығылды.
Мәжилис жуўмағында мәмлекетимиз басшысы ўәлаят ҳәкимлиги ҳәм реформалар штабына бар потенциалдан толық пайдаланыў, режелестирилген жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў, анық экономикалық нәтийжелерге ерисиў, халықтың машқалаларын мәнзилли шешиў бойынша тапсырмалар берди.