Елимизде экономика тармақларын жедел раўажландырыў, халықтың инвестициялық жойбарлары ҳәм исбилерменлик басламаларын әмелге асырыўда банк системасының қатнасыўы кеңеймекте.

Усы жылы Миллий банк тәрепинен қарыйдарларға жәми 38,5 триллион сум, соның ишинде, юридикалық тәреплерге 28,2 триллион сум, физикалық тәреплерге 10,3 триллион сум кредитлер ажыратыў режелестирилген.

Өткен дәўирде экономиканың әҳмийетли тармақларын, атап айтқанда, санаат ҳәм инфраструктураны раўажландырыў бойынша 2 мың жойбарға 15 триллион сум кредит қаржылары қаратылды. Қурылыс тараўындағы 235 жойбарды қаржыландырыў ушын 1,7 триллион сум ажыратылған.

Жасларды, бәринен бурын, билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилерин исбилерменликке тартыў, олардың бизнес басламаларын қаржылай қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Атап өтилгениндей, усы жылы банк тәрепинен қаржыландырылған жойбарлар есабынан 306 мың питкериўшиниң бәнтлиги тәмийинленген. Жаслар ҳәм питкериўшилердиң бизнес жойбарларын кредитлеў көлемин 618 миллиард сумға жеткериў, бул арқалы және 10 мыңға шамалас жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў нәзерде тутылмақта.

Банкке бириктирилген 1 мың 188 мәҳәлледе халықты исбилерменликке тартыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған 13 мың микрожойбар қәлиплестирилген. Оларды әмелге асырыў ушын 2,8 триллион сум кредит қаржыларын қаратыў ҳәм 178 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў режелестирилген.

Банктиң 2027-жылға мөлшерленген тийкарғы ўазыйпалары да көрип шығылды.

Келеси жылы банк тәрепинен кредитлеў көлемин 43 триллион сумға жеткериў, соның ишинде, экономиканың реал секторына 18 триллион сум, инфраструктура жойбарларына 5 триллион сум қаратыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы банк ресурсларын, бәринен бурын, жоқары қосымша қун жарататуғын жойбарларды қаржыландырыў, экономиканың экспорт потенциалын арттырыў, халықтың исбилерменлик белсендилигин хошаметлеў ҳәм турақлы жумыс орынларын жаратыўға бағдарлаў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Банктиң басшылығына кредит қаржыларының экономикалық нәтийжелилигин арттырыў, исбилерменлерге перспективалы жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда жәрдемлесиў, мәҳәллелерде халықтың дәраматын арттырыўға қаратылған басламаларды қаржылай қоллап-қуўатлаўды жеделлестириў бойынша тапсырмалар берилди.