"Тыныш халыққа, пуқаралық ҳәм энергетика инфраструктурасы объектлерине қарсы күш ислетиў менен байланыслы ҳәр қандай ҳәрекетлерди, сондай-ақ, регион мәмлекетлериниң қәўипсизлигине ҳәм халықаралық кемелер қатнаўына қәўип туўдыратуғын ҳәрекетлерди қатаң қаралаймыз.

Халықаралық ҳуқық нормаларына сөзсиз әмел етиў, соның ишинде, мәмлекетлердиң суверенитети, ғәрезсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлигин ҳүрмет етиў зәрүрлигинен келип шығамыз.

Жүзеге келетуғын келиспеўшиликлерди тәртипке салыў тек ғана сиясий-дипломатиялық қураллар арқалы, сөйлесиў ҳәм өз-ара ҳүрмет тийкарында әмелге асырылыўы керек.

Биз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм регион мәмлекетлериниң кескинликти жумсартыў, келиспеўшиликтиң және де тарқалыўының алдын алыў ҳәм Жақын Шығыста турақлы тынышлық орнатыўға қаратылған ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаймыз", делинеди ӨзР СИМ билдириўинде.