Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў мәселелери додаланды.

Еки тәреплеме қатнасықлар барлық тийкарғы бағдарларда избе-из раўажланып, бирге ислесиўдиң жаңа имканиятлары ушын беккем тийкар жаратып атырғаны атап өтилди.

Сондай-ақ, болажақ илажларға пуқта таярлық көриў, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды, деп хабар бермекте Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң баспасөз хызмети.