Қырғызстан Президенти Садир Жапаров АҚШқа әмелий сапары даўамында ушырыў мәресиминде қатнасты. Жасалма жолдас басқа космослық аппаратлар топары менен бирге орбитаға ушырылды. Ол Бишкектеги орайдан басқарылады.

Жасалма жолдас аўыл хожалығы жерлери, музлықлар, суў бассейнлери, тоғайлар ҳәм жайлаўларды бақлаў, сондай-ақ, тәбийғый экосистемалардағы өзгерислерди бақлаў ушын мөлшерленген. Оның мағлыўматларынан нызамсыз қазып алыў, руқсатсыз шығындыларды таслаў ҳәм басқа да патасланыў дәреклерин анықлаў ушын пайдаланыў режелестирилген.

Буннан тысқары, жасалма жолдас мағлыўматларынан қурғақшылық, суў тасқыны, көшки, сел ҳәм тоғай өртлери сыяқлы тәбийғый қәўип-қәтерлерди бақлаў ушын пайдаланылады. Президент администрациясының атап өтиўинше, бул потенциал қәўиплерди тезирек анықлаў ҳәм жүзеге келиўи мүмкин болған зыянды азайтыў илажларын көриў имканиятын береди, деп хабар берди “report.az”.