Бул ретки конгресс "Санластырыў ҳәм жасалма интеллект шараятында конституциялық әдил судлаў" темасына бағышланады.
Әнжуманда дүньяның 20 дан аслам мәмлекетинен конституциялық ҳәм жоқары судлардың басшылары, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм жетекши ҳуқықтаныўшы илимпазлар қатнасады.
Бул илаж глобал технологиялық трансформация шараятында нызам үстинлиги ҳәм инсан қәдирин тәмийинлеўдиң жаңа механизмлерин белгилеп бериўге қаратылғаны менен айрықша әҳмийетке ийе.
VII конгресс шеңберинде төмендеги әҳмийетли мәселелер додаланады:
санлы трансформация шараятында судьялардың еркинлиги;
инсан ҳуқықлары ҳәм нызам үстинлигин санлы орталықта тәмийинлеў;
конституциялық қадағалаўда жасалма интеллекттен пайдаланыў имканиятлары ҳәм ҳуқықый шегаралары;
қалыслық ҳәм жеке мағлыўматларды қорғаў;
жасалма интеллекттен пайдаланыўда процессуал кепилликлер;
конституциялық юрисдикциялар арасында халықаралық ҳәм регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў.
Конгресс жуўмағында заманагөй технологиялық өзгерислер шараятында конституциялық әдил судлаўды раўажландырыўға қаратылған Самарқанд декларациясының қабыл етилиўи режелестирилген.
Бул халықаралық әнжуман конституциялық әдил судлаўдың келешеги, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм жасалма интеллекттен суд тараўында пайдаланыўдың ҳуқықый тийкарлары бойынша халықаралық сөйлесиў ушын әҳмийетли майдан болады.