Усы жылдың 4-5-октябрь күнлери күтилетуғын жаўын-шашынлар себепли, республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында, соның ишинде:

Қашқадәрья ўәлаяты: Яккабоғ, Деҳқонобод, Чироқчи, Китоб, Шаҳрисабз, Қамаши, Ғузор районларында;

Сурхандәрья ўәлаяты: Сариосиё, Узун, Олтинсой, Денов, Байсун, Шерабад, Шўрчи, Қумқорған, Музробот районларында;

Самарқанд ўәлаяты: Ургут, Самарқанд, Булунғур, Нурабад, Қўшработ, Каттақорған, Пайариқ, Жамбай, Иштихан районларында;

Наўайы ўәлаяты: Хатирчи, Навбаҳор, Нурота, Конимех, Кармана районларында;

Жиззах ўәлаяты: Замин, Бахмал, Ғаллаорол, Шараф Рашидов, Фориш, Янгиабад районларында;

Ташкент ўәлаяты: Оҳангарон, Бостанлық, Паркент, Пискент, Орта Чирчиқ, Жоқары Чирчиқ районларында ҳәм Ангрен, Алмалық қалаларында;

Наманган ўәлаяты: Поп, Косонсой, Чортоқ, Чуст, Наманган, Янгиқорган районларында;

Ферғана ўәлаяты: Сох, Шоҳимардон, Ферғана, Бешариқ районларында;

Әндижан ўәлаяты: Әндижан, Асака, Жалақудуқ, Қўрғонтепа, Пахтаабад, Избоскан, Хожаабад, Марҳамат районларында ҳәм Ханабад қаласында сел-суў ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.

Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жасаўшы пуқаралар, дем алыўшылар ҳәм таўлы аймақларда ҳәрекетлениўши айдаўшылардан абайлылық илажларын көриўи соралады.

Республиканың айырым аймақларында жаўын суўлары топланыўы итималы бар, бул болса аймақларды суў басыўына алып келиўи мүмкин.