Әййемги ҳәм бәрқулла жаңаланыў руўхы менен жасайтуғын бул қалада Парламентлераралық Аўқамның XII Жас парламент ағзаларының пүткил жер жүзилик конференциясы болып өтти. Дүньяның 58 мәмлекетинен жас парламент ағзалары, 11 халықаралық шөлкем ўәкиллери, жәми 250 ге шамалас қатнасыўшыны бир жерге жәмлеген бул абырайлы әнжуман тек ғана гезектеги халықаралық илаж емес, ал бүгинги дүньяда жаслардың ҳаўазы, көзқараслары ҳәм сиясий қатнасына талап барған сайын артып баратырғанының әҳмийетли белгиси болды.

Конференцияның "Қыйын дәўирде инсан ҳуқықлары, әдиллик ҳәм инсан қәдир-қымбатын тиклеў жолында" темасы да бүгинги глобал ўақыяның өзине тән жаңғырығы болып есапланады. Себеби ҳәзирги дүнья бир ўақыттың өзинде бир неше қурамалы процессти басынан өткермекте. Геосиясий келиспеўшиликлер, экономикалық турақсызлық, климат өзгериўи, санлы технологиялардың жедел раўажланыўы, мәлимлеме қәўипсизлиги, билимлендириў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери, социаллық теңлик ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы машқалалар ҳәр бир мәмлекет алдына жаңа ўазыйпаларды қоймақта. Бундай шараятта келешекти бүгинги қарарлардан ажыратып болмайды. Оларды қабыллаў процесинде болса жаслардың қатнасыўы қаншелли кең болса, ертеңги күнге исеним соншелли беккем болады.

Усы мәнисте, Самарқандта өткен конференцияның тийкарғы қуны жаслар ҳаққында айтыўда емес, ал жаслардың өзлерин глобал парламентлик қарым-қатнастың толық ҳуқықлы қатнасыўшысы сыпатында көриўден ибарат болды.

Өзбекстан ушын бул әнжуманның әҳмийети және де үлкен. Мәмлекетимиз кейинги жыллары жасларды мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларына кеңнен тартыў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм сиясий белсендилигин арттырыўды мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгилеп келмекте.

Президентимиздиң конференция қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўында да жаслардың сиясий, социаллық ҳәм экономикалық процесслердеги белсене қатнасын күшейтиў, басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға айрықша итибар қаратылғаны бийкарға емес. Бул қатнас мәмлекетимизде жасларға мүнәсибеттиң мәнисин анық көрсетеди: жаслар келешектиң әпиўайы бақлаўшысы емес, бүгинги раўажланыўдың белсенди қатнасыўшысы ҳәм қарарлар қабыл етиў процесиниң әҳмийетли субъекти болып есапланады.

Негизинде жасларға имканият бериўдиң ең жоқары көриниси олардың өзлери қарар қабыл етиў процесинде қатнасыўына шараят жаратыў болып есапланады. Бул принцип Өзбекстанда алып барылып атырған жаслар сиясатында барған сайын кең ҳәм анық мазмунға ийе болмақта.

Бүгин елимизде жаслардың мәмлекетлик басқарыў, парламент, жергиликли ўәкилликли уйымлар, жәмийетлик институтлар ҳәм басқа да тараўлардағы қатнасыўын тәмийинлеў ушын зәрүр институционаллық механизмлер қәлиплестирилген. Атап айтқанда, 2020-жылы Олий Мажлистиң еки палатасы жанында Жаслар парламентлериниң шөлкемлестирилгени бул бағдардағы әҳмийетли қәдемлерден бири болды.

Бул структуралардың әҳмийетин тек ғана жасларды парламент жумысы менен таныстырыў ямаса олар ушын өз алдына сөйлесиў майданын жаратыў менен шеклеп қойыў мүмкин емес. Жаслар парламентлери, бәринен бурын, жас әўлад пенен нызам дөретиўшилиги ҳәм парламент жумысы арасындағы байланысты күшейтетуғын әҳмийетли институционаллық көпирге айланбақта. Жаслар нызамларды үйрениў менен бирге, өз басламаларын алға қойыў, социаллық машқалаларға шешим усыныс етиў, парламент додалаўларында қатнасыў ҳәм жәмийетшилик мәплерин билдириў тәжирийбесине ийе болмақта.

Бул тәжирийбе, өз гезегинде, жаслардың сиясий мәдениятын арттырады. Ең әҳмийетлиси, оларда демократиялық институтларға исеним, жуўапкершилик ҳәм тийислилик сезимин күшейтеди.

Парламент тек ғана нызамлар қабыл етилетуғын орын емес. Ол ҳәр қыйлы көзқараслар тыңланатуғын, мәплер үйлесетуғын, жәмийеттиң бүгинги ҳәм ертеңги талаплары додаланатуғын сиясий мәкан болып есапланады. Жасларды бул процесске қаншелли ерте ҳәм нәтийжели тартсақ, демократиялық институтлар да соншелли турмыслы ҳәм турақлы болады.

Өзбекстандағы конституциялық ҳәм институционаллық реформаларда жаслардың мәплерине айрықша итибар қаратылып атырғаны усы мақсетке үнлес. Жаңа редакциядағы Конституция, "Өзбекстан - 2030" стратегиясы ҳәм басқа да стратегиялық ҳүжжетлерде жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, мүнәсип билимлендириў, мийнет ҳәм раўажланыў имканиятларын жаратыў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгиленген.

Бул қатнас жаслар сиясаты жаңа басқышқа көтерилип атырғанынан дәрек береди. Енди мәселе тек ғана жаслар ушын шараят жаратыў емес, ал мәмлекеттиң раўажланыўына тиккелей үлес қосыўы ушын механизмлер жаратыўдан ибарат.

Самарқандтағы конференция мине усы миллий тәжирийбениң халықаралық майдандағы әҳмийетли презентациясы болып табылады.

Кейинги жылларда мәмлекетимиз сыртқы сиясатының ашық-айдынлық, өз-ара исеним, конструктивлик сөйлесиў ҳәм әмелий бирге ислесиўге тийкарланған жаңа басқышы парламентлераралық қатнасықларда да айқын көринисин таппақта. Олий Мажлистиң сырт мәмлекетлердиң парламентлери, халықаралық парламент шөлкемлери ҳәм регионаллық структуралар менен байланыслары избе-из кеңейип бармақта.

Парламент дипломатиясының әҳмийети ҳәзирги ўақытта және де артып атырғаны тосыннан емес. Себеби, бүгинги қыйын геосиясий шараятта мәмлекетлер арасында исенимди беккемлеў, ҳәр қыйлы көзқараслар ҳәм қатнаслар арасында пикирлесиўди тәмийинлеў, улыўма мәплерге тийкарланған шешимлерди излеўде парламентлер айрықша орын ийелейди.

Парламент дипломатиясы рәсмий мәмлекетлер аралық қатнасықларды толықтырып, халықлар ҳәм жәмийетлер арасындағы жақынлықты беккемлейди. Онда сөйлесиўдиң ашық-айдынлығы, ҳәр қыйлы көзқарасларды тыңлаў ҳәм улыўма мәплер әтирапында келисим излеў имканияты кең.

Усы жағынан Өзбекстанның Парламентлераралық Аўқам шеңбериндеги белсене қатнасыўы мәмлекетимиз парламент дипломатиясының халықаралық абырайын беккемлеў менен бирге, миллий тәжирийбе ҳәм басламаларды глобал парламент күн тәртибине алып шығыў ушын әҳмийетли имканият жаратпақта.

Парламентлераралық Аўқамның Президенти Тулия Эксон ханым конференцияда атап өткениндей, жаслардың даўысы халықаралық көлемде әҳмийетли қарарларды қабыл етиў процесслеринде барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Бул пикир бүгинги ўақыяны анық сәўлелендиреди. Себеби ҳәзирги жас әўлад кешегиден өзгеше. Олар глобал мәлимлеме мәканында жасамақта, ҳәр қыйлы мәмлекетлер ҳәм мәдениятлар менен бир ўақыттың өзинде пикирлеспекте, технологияларды күнделикли турмысының ажыралмас бөлеги сыпатында көрмекте. Олар алдындағы машқалалар да миллий шегаралар менен шекленбейди.

Климат өзгериўи бир мәмлекеттиң машқаласы емес. Санлы қәўипсизлик бир мәмлекет шегарасында шешилмейди. Жаслардың бәнтлиги, сапалы билимлендириў, инсан ҳуқықлары, миграция, социаллық әдиллик ҳәм тынышлық мәселелери де улыўма қатнас ҳәм халықаралық бирге ислесиўди талап етеди.

Солай екен, глобал машқалаларды додалаўда глобал әўладтың - жаслардың даўысы да еситилиўи тәбийғый зәрүрлик болып есапланады.

Самарқанд конференциясы жас парламент ағзаларын тек ғана тыңлаўшы емес, ал пикир ҳәм баслама ийеси сыпатында майданға алып шықпақта. Ҳәр қыйлы мәмлекетлерден келген жас парламентарийлердиң өз-ара сөйлесиўи оларға бир-бириниң тәжирийбесин үйрениў, миллий парламентлер жумысындағы нәтийжели механизмлер менен танысыў, улыўма машқалаларға ҳәр қыйлы көзқарастан қараў имканиятын береди.

Бундай сөйлесиўлер келешекте жаңа парламентлераралық бирге ислесиў жойбарлары, нызамшылық басламалары ҳәм жаслар сиясатының жаңа механизмлерине тийкар болыўы мүмкин.

Ең әҳмийетлиси, бүгинги сөйлесиў ертеңги бирге ислесиў ушын исеним тийкарын жаратады. Парламентлераралық дипломатия тек ғана рәсмий ушырасыўлар ҳәм ҳүжжетлер менен өлшенбейди. Оның ең үлкен байлығы инсанлар арасында орнатылған исеним, өз-ара ҳүрмет ҳәм қарым-қатнас мәденияты болып есапланады. Самарқандта ушырасқан жас парламент ағзалары ертең өз мәмлекетлеринде әҳмийетли қарарларды қабыл ететуғын сиясий әўлад ўәкиллерине айланады. Бүгин орнатылған жеке ҳәм профессионал байланыслар болса келешекте мәмлекетлер арасындағы қатнасықларды және де беккемлеўге хызмет етиўи мүмкин.

Усы көзқарастан, жаслар сиясаты ҳәм парламент дипломатиясын бир-биринен ажыратып қараў мүмкин емес. Жаслар сиясатының нәтийжелилиги, бәринен бурын, олардың қарар қабыл етиў процесслериндеги қатнасыўы менен белгиленеди. Парламент дипломатиясының келешеги болса оның жаңа әўлад парламентарийлерин қаншелли кеңнен қамтып ала алыўына байланыслы.

Өзбекстанда қәлиплесип атырған тәжирийбе бул еки бағдарды бирлестириў имканияты бар екенлигин көрсетпекте.

Олий Мажлис палаталары жанындағы Жаслар парламентлери жасларды сиясий процесслерге таярлаў, нызам дөретиўшилигине қызығыўшылығын арттырыў ҳәм парламент жумысы менен тиккелей байланыстырыўда әҳмийетли механизмге айланды. Парламентлераралық Аўқам менен биргеликте бул бағдарда исленип атырған жумыслар болса миллий тәжирийбени халықаралық тәжирийбе менен байытыў имканиятын бермекте.

Бул жерде бир әҳмийетли ҳақыйқатты аңлаў зәрүр: жаслар парламентлери үлкен парламентлердиң альтернативлери емес. Олар сиясий тәжирийбе мектеби, қарым-қатнас майданы ҳәм жаңа әўлад парламентарийлерин қәлиплестириў институты болып есапланады.

Оларда қатнасып атырған жаслар нызамшылық процесин үйренер екен, жәмийеттеги ҳәр қыйлы пикирлер менен ислесиў, дәлиллерге тийкарланған қатнасты қәлиплестириў, пикирлесиў мәденияты, жуўапкершиликли қарар қабыл етиў сыяқлы әҳмийетли көнликпелерди ийелейди. Бул болса тек ғана олардың бүгинги жумысы емес, ал мәмлекеттиң ертеңги сиясий институционаллық потенциалы ушын да үлкен әҳмийетке ийе.

Бүгинги жас парламент ағзасы - ертеңги сиясий лидер. Соның ушын жаслардың сиясий белсендилигине жумсалып атырған ҳәр қандай ҳәрекетти келешекке киргизилип атырған инвестиция, деп баҳалаў мүмкин.

Самарқандта додаланған мәселелер шеңбери бул пикирди және бир мәрте тастыйықлайды. Инсан ҳуқықлары ҳәм жаслардың сиясий қатнасыўы, социаллық әдиллик, санлы қәўипсизлик, билимлендириў ҳәм мүнәсип мийнет, жас ҳаял-қызлардың сиясий белсендилиги, парламентлердиң глобал машқалаларды шешиўдеги роли сыяқлы мәселелердиң барлығы жас әўладтың бүгинги ҳәм ертеңги турмысы менен тиккелей байланыслы.

Әсиресе, жас ҳаял-қызлардың сиясий процесслердеги қатнасын кеңейтиў мәселеси айрықша әҳмийетке ийе. Жәмийеттиң ярымын қурайтуғын ҳаял-қызлардың потенциалынан толық пайдаланбастан, турақлы ҳәм инклюзив раўажланыўға ерисиў қыйын. Соның ушын жас ҳаял-қызлардың парламентлер, мәмлекетлик басқарыў ҳәм жәмийетлик институтлардағы қатнасын хошаметлеў демократиялық раўажланыўдың әҳмийетли шәртлеринен бири болып есапланады.

Бүгин дүнья жаслары алдында турған және бир үлкен мәселе санлы технологиялар болып есапланады. Жасалма интеллект, санлы платформалар ҳәм жаңа коммуникация қураллары, бир тәрептен, үлкен имканиятлар жаратып атырған болса, екинши тәрептен, мәлимлеме қәўипсизлиги, жеке мағлыўматларды қорғаў, жалған мәлимлеме тарқалыўы ҳәм санлы теңсизлик сыяқлы жаңа қәўиплерди де жүзеге келтирмекте.

Бул мәселелерди шешиўде жаслардың өзине тән тәжирийбеси ҳәм көзқараслары оғада әҳмийетли. Себеби санлы орталықта ең белсенди ҳәрекет етип атырған әўлад әйне жаслар болып есапланады. Демек, санлы келешек қағыйдаларын ислеп шығыўда олардың пикирин есапқа алыў зәрүр.

Усы мәнисте, Самарқандтағы конференция тек ғана бүгинги машқалаларды додалаў емес, ал ертеңги күнниң сиясий ҳәм ҳуқықый күн тәртибин қәлиплестириўге қаратылған әҳмийетли сөйлесиў майданы болып есапланады.

Самарқандта жаңлап атырған пикирлер, усыныслар ҳәм басламалар тек ғана конференция залларында қалып кетпеўи керек. Оларды миллий парламентлердиң жумысы, нызамшылық басламалары, жаслар сиясатын жетилистириўге қаратылған жаңа механизмлер ҳәм халықаралық бирге ислесиўдиң әмелий жойбарларында даўам еттириў әҳмийетли.

Конференция жуўмағында қабыл етилген ҳүжжет те әне усы мақсетке хызмет етиўи, жас парламент ағзаларының улыўмалық көзқараслары менен басламаларын өзинде жәмлегени менен әҳмийетли болады.

Биз ушын ең әҳмийетли нәтийже жаслардың даўысы қарар қабыл етиў процесине және де кеңирек кирип барыўы, басламалары анық сиясий ҳәм нызамшылық шешимлеринде өз көринисин табыўы болып табылады.

Өзбекстанның Парламентлераралық Аўқам менен биргеликте бул глобал әнжуманды қабыл етиўи елимиздиң парламент дипломатиясындағы ашық ҳәм конструктивлик позициясын және бир мәрте көрсетти.

Биз халықаралық сөйлесиўден шетте турыўды емес, ал оның белсенди қатнасыўшысы болыўды, улыўма машқалаларға биргеликте шешим излеўди ҳәм өз тәжирийбемизди басқалар менен бөлисиўди мақсет етпектемиз.

Самарқандтағы конференция мине усы жолдағы әҳмийетли қәдем болып есапланады. Ең әҳмийетлиси, бул тынышлық, әдиллик, инсан ҳуқықлары ҳәм инсан қәдир-қымбатына тийкарланған келешекти биргеликте қурыўға болған улыўма исеним болып есапланады.

Орзигул ҚОЗИХОНОВА,

Олий Мажлис Сенатының Жаслар, ҳаял-қызлар

мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң баслығы