Усы философиялық талаплардың логикалық туўындысы сыпатында Ташкентте Заманагөй көркем өнер орайы (CCA Tashkent) ашылды. Усы жыл 4-сентябрь күни Президентимиз Заманагөй көркем өнер орайына барып, бул жерде жаратылған шараятлар менен танысты. Мәмлекетимиз басшысына орайдың келешектеги көргизбе, билимлендириў ҳәм изертлеў бағдарламалары ҳаққында мағлыўмат берилди. Жаңа орын профессионал орталықты раўажландырыў, өзбекстанлы дөретиўшилерди халықаралық майданда кеңнен танытыў ҳәм елимиздиң басқа мәмлекетлер менен мәдений байланысларын беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди. Президентимиз орайды дөретиўши жаслар, профессионал ҳәм кең жәмийетшилик ушын ашық, жанлы дөретиўшилик мәканға айландырыў зәрүрлигин атап өтти.
Мәмлекетимизде турақлы жумыс алып баратуғын, таза, заманагөй көркем өнер бағдарларына қәнигелескен биринши институтционаллық орай болған бул мәкеме дәстүрий сүўретлеў көркем өнери шегараларынан өтип атырған инновациялық идеялар ҳәм исенимли изленислер ушын әҳмийетли платформа болды. Ол жергиликли дөретиўшилердиң дүнья көркем өнери контекстине тәжирийбе арттырыўдан исенимли кирип барыўын тәмийинлеп ғана қоймастан, пайтахтымыздың мәдений картасында интеллектуаллық қарым-қатнас ҳәм жаңаша көркем идеялар кесилискен орай сыпатында көринбекте.
Ташкент орайында 1912-жылы қурылған бурынғы дизель электр станциясы имараты пүткиллей қайта тикленип, Заманагөй көркем өнер орайына (CCA Tashkent) айландырылды. Өзбекстан Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының басламасы менен әмелге асырылған бул жойбар мәмлекетимиздиң мәдений инфраструктурасын байытыў, заманагөй дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў ҳәм халықаралық қарым-қатнасты раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болды. Индустриал мийрасты заманагөй мәденият пенен үйлестириў ўазыйпасы Францияның дүньяға белгили “Studio KO” архитектуралық бюросына тапсырылды.
Бул бюроның тийкарын салған Карл Фурне ҳәм Оливье Марти ҳәр бир жумысқа қағыйда ҳәм қағыйдалардан жырақ, пүткиллей жаңаша ҳәм еркин руўх пенен қатнас жасайды. Архитекторлар жойбар үстинде ислеўде объект жайласқан тәбийғый орталық, қоршаған ландшафт ҳәм бар инфраструктурадан илҳамланады. Әне усы контекст олардың идеясы ҳәм келешектеги ҳәрекетлери ушын тийкарғы басланғыш ноқатқа айланады.
Қәнигелер Заманагөй көркем өнер орайының ишин де тийкарғы архитектурасы ҳәм бай тарийхый көринисин толық сақлап қалған ҳалда бүгинги күнниң талапларына сәйкеслендирди. Нәтийжеде Ташкенттиң әҳмийетли тарийхый объекти екинши ҳәм әдеўир жедел турмысын баслады.
- “CCA Tashkent” көп тармақлы комплекс форматқа ийе. Бир орынның өзинде кең көлемли көргизбе майданлары, бай китап фондына ийе китапхана, дизайнерлик өнимлери усынылатуғын консепт-стор, сондай-ақ, ықшам ресторан ҳәм арнаўлы билимлендириў зоналары жәмленген, - дейди Ташкент Заманагөй көркем өнер орайының көркемлик басшысы доктор Сара Раза. - Имараттағы жәмийетлик майданларда ушырасыўлар, көркем изертлеўлер өткериў ҳәм дөретиўшилик пикирлесиў ушын қолайлы орталық бар. Бул жерде жас дөретиўшилер өз жойбарын усынады. Изертлеўшилер дереклер ҳәм архив материаллары менен ислейди. Кең жәмийетшилик болса билимлендириў бағдарламалары, мәдений-ағартыўшылық илажлар ҳәм дөретиўшилик жәмийетшилик пенен тиккелей сөйлесиў арқалы заманагөй көркем өнер менен жақыннан танысады. Орай миллий мәдениятымыз ҳәм жәҳән визуал тили арасындағы үзилислерди сапластырыўшы әҳмийетли интеллектуаллық көпирге айланатуғынына исенемен.
Орайдың биринши көргизбеси “Hikmah” ("Ҳикмат") деп аталган. Экспозиция жергиликли дәстүрлер, материаллық мәденият, руўхый мийрас ҳәм заманагөй көркем әмелиятлар арасындағы өз-ара байланысты изертлеген заманагөй художниклердиң шығармаларын бирлестирди. Экспозицияда И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейи коллекциясынан Владимир Пан, Дәрибай Саипов ҳәм Бахтияр Саиповтың шығармалары көрсетилди.
Мәкемениң тийкарғы ўазыйпаларынан бири өзбек художниклерин халықаралық майданда танытыў, ири көргизбелерде қатнасыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын имканиятлар жаратыўдан ибарат.
Орай сырт елдеги жетекши мәдений мәкемелер менен бирге ислесиўди раўажландырмақта. Бул халықаралық байланыслар мәдений дипломатияны беккемлеў, пайтахттың заманагөй келбетин қәлиплестириў ҳәм жаңа Өзбекстанды бай мийрасқа ийе, соның менен бирге, заманагөй идеялар, дөретиўшилик изленислер ҳәм халықаралық қарым-қатнасқа ашық мәмлекет сыпатында және де кеңнен көрсетиўге хызмет етеди.
Азизбек ЮСУПОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы