Университеттиң өз қаржылары есабынан 86,5 миллиард сум
қаратылып, оқыў имаратынан тысқары Қуяш физикасы илимий-изертлеў лабораториясы,
Мәлимлеме-ресурс орайы ҳәм 400 орынлық студентлер турақ жайы қурылды.
Жаңа комплекстиң салтанатлы ашылыў мәресиминде Бухара
ўәлаятының ҳәкими Ботир Зарипов, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң
директоры, сенатор Абдусаид Кўчимов, "Янги Ўзбекистон" ҳәм
"Правда Востока" газеталарының бас редакторы, Өзбекстанда хызмет
көрсеткен журналист Салим Дониёров, республика ҳәм ўәлаят дәрежесиндеги
мийманлар, мәмлекетлик ҳәм жәмиетлик шөлкемлердиң басшылары, ҳүрметли устазлар,
профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Илажды ашып берген Батыр Зарипов мәмлекетте
билимлендириў ҳәм илимге қаратылып атырған итибар, жаслар ушын жаратылып
атырған имканиятлар ҳәм БухМУдағы дөретиўшилик жумыслардың әҳмийетине тоқтап
өтти.
"Бүгинги илаж тек ғана жаңа оқыў жылының
басланыўы емес. Бул - жасларымыз ушын жаңа имканиятлар есиги ашылып атырғаны,
билимлендириў ҳәм илимге қаратылып атырған үлкен итибардың және бир әмелий
көриниси, Бухара билимлендириў системасының раўажланыўындағы әҳмийетли қәдем
болып есапланады", - деди ўәлаят ҳәкими.
Жаңа комплексте мыңлаған студентлер ушын заманагөй
аудиториялар, санлы ҳәм инновациялық билимлендириў орталығы жаратылған. Бул
шараятлар жаслардың сапалы билим алыўы, илимий-изертлеў ҳәм дөретиўшилик
изленислер алып барыўы ушын жаңа имканиятлар жаратады.
Университеттиң бүгинги жойбары менен жумыслар
шекленбейди. Президенттиң басламасы менен 30,2 гектар майданда Бухара
мәмлекетлик университетиниң жаңа заманагөй кампусы қурылмақта.
Жаңа кампус қурамында 20 мың орынлық оқыў имаратлары
ҳәм 5400 орынлық студентлер турақ жайларының қурылысы режелестирилген.
Бул ири жойбар университеттиң билимлендириў ҳәм илим потенциалын
кеңейтиў, студентлер ушын заманагөй ҳәм қолайлы орталық жаратыў менен бирге,
Бухараны мәмлекеттеги заманагөй билимлендириў ҳәм илим орайларынан бири
сыпатында раўажландырыўға хызмет етиўи күтилмекте.
Илажда Бухара мәмлекетлик университети ректоры,
профессор Обиджон Ҳамидов университет жәмәәти ҳәм студент-жасларды жаңа оқыў
жылы менен қутлықлады. Ол, әсиресе, биринши басқыш студентлерин "БухМУ
студенти" деген ҳүрметли атаққа ийе болғаны менен қутлықлап, оларды
жаратылған имканиятлардан үнемли пайдаланыўға, пуқта билим алыўға, илимий ҳәм
дөретиўшилик изленислерде белсенди болыўға шақырды.
"Янги Ўзбекистон" ҳәм "Правда
Востока" газеталарының бас редакторы, Өзбекстанда хызмет көрсеткен
журналист Салим Дониёров болса жаслардың жәмийетлик турмыстағы белсендилигин
арттырыў, жоқары билим ҳәм көзқарасқа ийе болыў және Ўатан тәғдирине
байланыслылық сезими менен жасайтуғын жетик қәнигелер болып жетилисиўи әҳмийетли
екенлигин атап өтти.
Оның пикиринше, бүгинги студент тек ғана өз кәсибиниң
билимданы емес, ал жәмийетлик турмыста белсене қатнасатуғын, заманагөй
мәлимлеме орталығында өз орнына ийе болған ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўына үлес
қоса алатуғын қәниге болып жетисиўи керек.
Илажда жаңа оқыў жылында билимлендириўдиң сапасын
арттырыў, илимий жумысты раўажландырыў ҳәм студентлердиң заманагөй билим ҳәм
кәсиплик көнликпелерди ийелеўи ушын шараятларды буннан былай да кеңейтиў
тийкарғы ўазыйпалардан бири екени атап өтилди.
Салтанатлы мәресимде жаңа оқыў имаратының рәмзий
ашылыў мәресими өткерилип, ҳүрметли мийманлар тәрепинен қызыл лента кесилди.
Университет жәмәәтине жаңа имараттың символикалық гилти салтанатлы түрде
тапсырылды.
Илаж қатнасыўшылары жаңа оқыў имараты ҳәм
университетте қурылған заманагөй инфраструктура объектлери менен танысты.