Педагоглар билимлендириўден көре көбирек аўыл хожалығы жумысларын атқаратуғын еди. Мәжбүрий мийнет толық сапластырылғаннан соң, жәмийетимизде устазларға мүнәсибет түп-тийкарынан өзгерди. Қуўанышлы тәрепи, билимлендириўдеги реформалар избе-из даўам етпекте. Мәселен, усы жылы "Жыл муғаллими" таңлаўының жеңимпазларына 616 миллион сумнан сыйлық берилди. Шынында да, таңлаў ҳаққында еситкенимде, онда қатнасыўға бел байладым. Барлық басқыштан табыслы өтип, "Жыл муғаллими" деген ҳүрметли атаққа еристим. Усы тәризде, бир мәрте берилетуғын 50 мың долларлық сыйлықты қолға киргиздим.
Сонша үлкен пулды қолға киргизгенимди еситкен танысларым қутлықлаў барысында оны неге жумсайтуғыным менен қызықсынды. Сонда ҳеш екиленбестен жуўап бердим: "Мәмлекетимиз басшысы кең имканиятлар берип, және мийнет ҳақымызды мың долларға шекем көтерип берди. Солай екен, буған мен де өз үлесимди қосаман. Билимлендириў арқалы тапқан пулымның бир бөлегин китапқумар жасларды хошаметлеўге жумсайман", дедим.
Мәмлекетимиз үлкен шеклерге қарай исенимли қәдем тасламақта. Атап өтилгениндей, тыныш емес дүньядағы тыныш Өзбекстан ушын ҳәр минутта шүкиршилик айтыўымыз керек. Бул Ўатан раўажланыўына қосқан үлесимизде көринеди.
Кешегидей есимде: 9-класта оқып атырғанымда классласларымыз бенен бирге айырым пәнлерден қосымша таярлана баслағанбыз. Мен қосымша шуғылланыў ушын химия пәнин таңлаған едим. Буны еситкенлер шыпакер боласаң ба, деп сорайтуғын еди. Бирақ нийетим муғаллим болыў еди. Себеби, сол ўақытлары мектебимизде муғаллим жетиспеўшилиги себепли химия пәни өтилмейтуғын еди. Қашанғы химияға қызығатуғын оқыўшылар басқа аймаққа қатнаўы керек, деп ойлайтуғын едим. Усылайынша жоқары оқыў орнында химия бағдары бойынша оқыдым. Оқыўды тамамлағаннан соң, әрман еткенимдей, өзим оқыған Көкдала районындағы 5-мектепте жумыс басладым.
Ашығын айтсам, биринши мәрте мектепке жумысқа келгенимде үлкен айлық алатуғынымды қыял еткенмен. Айлығым шыққаннан кейин қарасам, бир миллион сумға да жетпеди. Бирақ, мен өз пикиримнен қайтпадым. Президентимиз муғаллимлердиң айлық мийнет ҳақысы мың доллар болыўы ҳаққындағы гәплерден кейин, жумысыма қызығыўшылығым және де артты. Ықласлы ҳәрекетти баслап жибердим. Умтылысларым зая кетпеди. Кем-кем үстемелерди қолға киргизип, айлығым артып барды. Бул процессте оқыўшыларымның да жетискенликлери көрине баслады. Бурын медицина бағдарына қызықпаған питкериўшилер химиядан қатаң таярлық көрип, медицина жоқары оқыў орнына оқыўға киретуғын болды. Айлығым болса мың доллардан асты. Өткен оқыў жылынан баслап болса еки мың доллардан аслам айлық алатуғын болдым.
Бир ўақытлары көкдалалы жаслар айырым пәнлерди дурыс оқымай мектепти питкеретуғын еди. Себеби, муғаллимлер жетиспейтуғын еди. Материаллық қоллап-қуўатлаў да, социаллық қорғаў да жоқ еди. Сол себепли, бул тараўға қызығыўшылық аз еди. Ҳәзир Көкдалада да муғаллим боламан, деген жаслардың қатары кеңейип бармақта.
Әҳмийетлиси, Көкдала жаңа район етип белгиленип, аймаққа жаңа өмир нәпеси кирип келди. Заманагөй мектеп ҳәм бақшалар қурылды. Емлеўханалар қурылып, экономикалық-социаллық мәселелер шешилди.
Президентимиздиң Қашқадәрья ўәлаятына сапары болса, мине, усы реформаларға және де көтериңки руўх бағышлады. Мәселен, заманагөй, барлық шараятқа ийе Жаңа Қаршы қаласы қурылатуғын болды. Буннан барлық кәсиплеслеримиз қуўанды. Балаларымыз ушын жаңа қаладан жай алыўды нийет еттик. Және бир алыс район – Дийқанабад та келешекте жаңаша көриниске ийе болады. Буннан тысқары мыңлаған жумыс орынлары ашылады. Булардың барлығы халқымыздың абаданлығы, перзентлеримиздиң жоқары потенциаллы инсанлар болып камалға келиўине хызмет етеди.
Гулзада ЭШОНҚУЛОВА,
"Жыл муғаллими" таңлаўының жеңимпазы